Мойнақ районында Аралды қутқарыў халық аралық  қоры дүзилгениниӊ 30 жыллығына бағышланған илаж болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси Баслығыныӊ орынбасары Р.Сапарбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды Аралды қутқарыў халық аралық  қоры дүзилгениниӊ 30 жыллығы ҳәм Рамазан ҳайыт байрамы менен қутлықлады. Усыннан соӊ тараўда узақ жыллар даўамында пидәкерли мийнет еткен бир топар хызметкерлерге ҳүрметли атақ, көкирек белгилери ҳәм Ҳүрмет жарлықлары тапсырылды.

Илаж даўамында сәне мүнәсибети менен студент-жаслардыӊ арасында өткерилген “Аралбойы аймағын раўажландырыўда инновациялық шешимлер” атамасындағы инновациялық идеялар ҳәм мектеп оқыўшылары арасында өткерилген “Жаӊа Арал балалардыӊ көз-қарасында” атамасындағы сүўрет салыў ҳәм шығармалар таӊлаўларыныӊ  жеӊимпазларын сыйлықлаў мәресими болды. Онда биринши орын ийелерине 10 миллион сумнан, екинши орынларға 5 миллион сумнан ҳәм үшинши орын ийелерине 3 миллион сумнан ақшалай сыйлық тапсырылды. Сондай-ақ, барлық қатнасыўшыларға Аралды қутқарыў халық аралық  қоры Атқарыў комитети Нөкис филиалы тәрепинен Ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Салтанатлы илаж қатнасыўшыларына көркем өнер шеберлериниӊ концерт бағдарламасы қойып берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги