Соңғы жыллары Ҳүкиметтиң арнаўлы қарар ҳәм бағдарламалары шеңберинде Арал теңизиниң қурыған аймағы ҳәм Мойнақ халқының турмыс тәризин жақсылаўға қаратылған нәтийжели жумыслар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, 2018-2022-жыллар даўамында Қарақалпақстан Республикасының Мойнақ районындағы Арал теңизиниң суўы қурыған аймағында 1,6 млн. гектар майданда шөл өсимликлериниң туқымы ҳәм нәлинен «жасыл қапламалар» қорғаў тоғайзарлары жаратылған. Тоғай хожалықлары жумысшы-хызметкерлери ҳәм халық тәрепинен 6,4 мың тонна сексеўил ҳәм басқа да шөл өсимликлериниң туқымлары жыйналған.

Соннан 1,3 мың тоннадан артық туқымлар район халқы тәрепинен таярланған. Бул бойынша Тоғай хожалығы агентлиги басқарма баслығының орынбасары Зафар Эшонқулов мағлыўмат берди.

Оған бола, тоғайзарларды жаратыў жумысларын даўам еттириў ушын жылына 100 гектардан аз болмаған көлемде сексеўил нәлханалары шөлкемлестирилип, 1,3 мың гектар жер таярлаў жумыслары орынланған. Оның ушын ҳәр жылы орташа 1000 ға шекем техника ҳәм механизмлер, 4 самолёт ҳәм 2 дельтаплан тартылған, егиў мәўсимлеринде 2000 ға шекем халық, жумысшы-хызметкер ҳәм механизаторлар қатнасқан.

Соның менен биргеликте, Республикамыз аймақларын, соның ишинде, Арал теңизиниң суўы қурыған түбинде экологиялық жағдайды жақсылаўға қаратылған илажлар усы жылы да избе-излик пенен даўам еттирилмекте. Мысалы ушын, 2023-жылы Қарақалпақстан Республикасы Мойнақ районында 128 мың гектар майданда, соннан 122 мың гектар туқымнан ҳәм 6 мың гектар нәлден «жасыл қапламалар» пайда етилген.

Тоғай хожалықлары ҳәм жергиликли халық тәрепинен жәми 541 тонна, соннан 447 тонна сексеўил, 7,2 тонна қандим, 84 тонна карабарақ сыяқлы шөл өсимликлериниң ҳәм 2,7 тонна жайлаў өсимликлериниң туқымлары жыйналған.

Мәмлекетимиздиң Бухара ўәлаятында болса 40 мың гектар, Наўайы ўәлаятында 17 мың гектар, Хорезм ўәлаятында 10,6 мың гектар майданда «жасыл қапламалар» пайда етилген.

М.Эшмирзаева, Н.Абдувоитов (оператор),

ӨзА