Дыққат, дағаза!
Өзбекстан Журналистлер аўқамы миллий ҳәм халықаралық журналистиканың ен алдынғы жетискенликлерин кеңнен ғалаба ен жайдырыў, Жаңа Өзбекстан руўхына сәйкес жаңаша идеология тәризин қәлиплестириў, улыўмаинсаныйлық қәдириятларды енгизиў, халқымыздың мәлимлеме тараўындағы ҳуқықларын тәмийинлеў, елимизде инсанға итибарды күшейтиў, адамлардың сана-сезимин арттырыў, жәмийетимизде ашық-айдынлық орталығын беккемлеў, ҒХҚ хызметкерлериниң белсенди пуқаралық позициясын көрсетиўи ушын шараят жаратыў ҳәм журналистлерде сын көзқарастан пикирлеўди ҳәм дөретиўшилик жумысына жаңа көзқарасларды қәлиплестириў ҳәм хошаметлеў мақсетинде «Алтын қәлем» XVII Миллий сыйлығы ушын халықаралық таңлаўды жәриялайды.
Таңлаў бир бас миллий сыйлық ҳәм бес тийкарғы бағдар – телевидение, радио, баспа басылымлар, интернет-журналистика бойынша (ҳәр бир бағдар бойынша 1-, 2-, 3-орынлар) ҳәм сырт елли журналисттиң Өзбекстан хаққындағы ең жақсы материалы бойынша (баспа басылымлар, ТВ, интернет – бир биринши орын, 4 екинши орын) өткериледи.
Сондай-ақ, төмендеги хошаметлеўши номинациялар бойынша шөлкемлестириледи.
- «Инсанға итибар темасы ең жақсы сәўлелендирилген материаллар ушын»
- «Билимлендириў системасындағы реформалар ең жақсы сәўлелендирилген материаллар ушын»
- «Шаңарақ ҳәм мәҳәлле темасындағы ең жақсы сәўлелендирилген материаллар ушын»
- «Әскерий-ўатансүйиўшилик темасындағы ең жақсы сәўлелендирилген материаллар ушын»
- «Миллий қәдириятлар ең жақсы сәўлелендирилген материаллар ушын»
- «Саламат турмыс тәризи ҳәм спорт темасындағы ең жақсы сәўлелендирилген материаллар ушын»
- «Социаллық-экономикалық реформалар ең жақсы сәўлелендирилген материаллар ушын»
- «Бәнтлик ҳәм социаллық қорғаў мәселелери ең жақсы сәўлелендирилген материаллар ушын»
- «Ең белсенди теле ҳәм радио баслаўшы»
- «2022-жылы басып шығарылған публицистикалық жанрдағы ең жақсы китап ушын»
- «Ең жақсы фоторепортаж ушын»
- «Экологиялық машқалалар кеңнен сәўлелендирилген материаллар ушын»
Таңлаў жеңимпазлары ҳәм сыйлы орын ийелерине:
Таңлаўдың бас миллий сыйлығының ийесине арнаўлы диплом, «Алтын қәлем» статуэткасы ҳәм жеңил автомобиль салтанатлы түрде тапсырылады.
Биринши орынды қолға киргизген жеңимпазлар диплом, «Алтын қәлем» статуэткасы ҳәм базалық есаплаўдың 200 есеси муғдарында ақшалай сыйлық пенен:
Екинши орынды қолға киргизген жеңимпазлар диплом, «Алтын қәлем» статуэткасы ҳәм базалық есаплаўдың 175 есеси муғдарында ақшалай сыйлық пенен;
Үшинши орынды қолға киргизген жеңимпазлар диплом, «Алтын қәлем» статуэткасы ҳәм базалық есаплаўдың 150 есеси муғдарында ақшалай сыйлық пенен;
Таңлаўдың хошаметлеўши номинациялар жеңимпазлары диплом, «Алтын қәлем» статуэткасы ҳәм базалық есаплаўдың 100 есеси муғдарында ақшалай сыйлық пенен сыйлықланады.
Таңлаўда 2022-жылдың 31-мартынан 2023-жылдың 31-мартына шекем баспа ҳәм интернет басылымларында жәрияланған, радио ҳәм телевидениеде эфирге узатылған бесеўден жетеўге шекемги материаллар көрип шығылады.
Таңлаўға дөретиўшилик жумыслар Өзбекстан Журналистлер аўқамының аймақлық бөлимлери Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги жәрдеминде мәмлекетимиздиң сырт мәмлекетлердеги ўәкилханалары арқалы, сондай-ақ, авторлардан тиккелей электрон тәризде таңлаў баспасөзде жәрияланған күннен баслап усы жылдың 15-апрелине шекем қабыл етиледи.
Бул процессте материаллар баспасөз бойынша (PDF-файлда, ҳәр бир материал өз алдына);
интернет басылымлары бойынша материаллардың силтемеси (линк, ссылкасы) көрсетилген ҳалда;
телевидение бойынша видео материаллар (3 минуттан 30 минутқа шекем телеграм форматта (аннотациясы, қысқаша мазмуны билдирилгени менен);
радио бағдар бойынша аудио материаллар (3 минуттан 30 минутқа шекем, аннотациясы, қысқаша мазмуны билдирилгени менен);
фотожурналистика номинациясы бойынша дөретиўшилик жумыслар (JPEG, TIFF ҳәм PNG форматта аннотациясы, қысқаша мазмуны билдирилгени менен);
Өзбекстан Журналистлер аўқамының (99-466-10-25) номерина ашылған (O‘zbekiston Jurnalistlar uyushmasi) телеграмына жиберилиўи соралады.
Таңлаўда редакция, теле ямаса радиоканал ҳәм дөретиўшилик топарлар ҳәм топар болып қатнасыўы мүмкин. Бул процессте де жоқарыдағы тәртиплерге қатаң әмел етиледи.
«2022-жылы басып шығарылған публицистикалық жанрдағы ең жақсы китап ушын» номинациясы бойынша таңлаўда қатнасыў тилегинде болғанлар Өзбекстан Журналистлер аўқамына китабынан бир дана усынады.
Таңлаўға усынылған дөретиўшилик жумысларға төмендеги ҳүжжетлер қосымша етиледи:
– автор ҳәм оның профессионал жумысы ҳаққындағы қысқаша мағлыўмат (объективка);
– автордың паспорт нусқасы, телефон номери.
Мүрәжат ушын телефонлар: 71 244-62-89, 71-244-64-62
Қарақалпақстан хабар агентлиги