Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң баспасөз хаткери Стефан Дюжаррик Россияның Беларусь аймағына тактикалық ядролық қурал жайластырыў режесине байланыслы хабарларға түсиник берди.

«Ядро қуралын тарқатпаў ҳаққында»ғы шәртнаманың барлық қатнасыўшылары, соның ишинде, ядролық күшке ямаса бундай қуралға ийе болмаған мәмлекетлер усы ҳүжжет бойынша жуўапкершилигине алған миннетлемесине әмел етиўи керек,-деди БМШ ўәкили. – Надурыс есап-санаққа, аянышлы ақыбетке алып келиўи мүмкин болған ҳеш қандай ҳәрекетке жол қойып болмайды. Қәўип жүдә жоқары, бул қорқынышлы.

Еслетип өтемиз, алдынырақ Россия Президенти Владимир Путин екинши тәрептиң өтинишине бола, АҚШ қаншадан берли аўқамлас мәмлекетлер аймағында әмелге асырып киятырғаны сыяқлы, Россия да өзиниң тактикалық ядро қуралын Беларусь аймағында жайластырмақшы екенлигин мәлим еткен.

ӨзА