Өзбекстан мусылманлар  басқармасы Фетва орайы 2023-жылғы закат қуны, питир садақасы ҳәм фидя муғдарын белгиледи.

Закат қуны

Закаттың алтыннан қуны 85 грамм болып, бүгинги күнде 585 пробалы 1 грамм алтынның орташа баҳасы 420 000 (төрт жүз жигирма мың) сум екени есабынан, быйылғы ЗАКАТ қуны 35 миллион 700 мың (отыз бес миллион жети жүз мың) сум деп белгиленди.

Соған бола, зәрүр мүтәжликтен тысқары бир жыл даўамында 35 миллион 700 мың (отыз бес миллион жети жүз мың) сум ҳәм оннан аслам пул қаржысы ямаса усы баҳадағы саўда-коммерициялық мүлкине ийе болған мусылман адам, жәми қаржысының қырқтан бири (2,5 процент)н ажыратып, оны закат нийетинде кәмбағал ҳәм пақырларға береди.

Питир садақасы ҳәм фидя муғдары

Питир садақасының муғдары бийдайдан ярым соъ (= 2 кг.), арпадан бир соъ (= 4 кг.), кишмиштен ярым соъ (= 2 кг.) ҳәм қурмадан бир соъ (= 4 кг.) болып есапланады.

Бүгинги күнде бул өнимлердиң базардағы орташа баҳалары 1 кг. бийдай – 6 мың, 1 кг. арпа – 5 мың, 1 кг кишмиш – 50 мың ҳәм 1 кг қурма – 45 мың сум екенин есапқа алып, быйылғы ПИТИР садақасы төмендегише етип белгиленди:

  • бийдайдан = 2 кг. 12 000 (он еки мың) сум;
  • арпадан = 4 кг. 20000 (жигирма мың) сум;
  • кишмиштен = 2 кг. 100 000 (жүз мың) сум;
  • қурмадан = 4 кг. 180000 (бир жүз сексен мың) сум деп белгиленди.

ФИДЯ муғдары питир садақаның муғдары менен бирдей болады.

Солай екен, ҳәр ким өз имканиятына қарап усы төрт өнимниң қәлеген бир түринен питир садақасын ҳәм фидя муғдарын берсе болады.

Еслетпе: Бул баҳалар Ташкент қаласы базарларындағы баҳаға тийкарланып белгиленди. Ҳәр бир ўәлаят өз базарларындағы баҳаға қарап питир садақасын белгилейди.

ӨзА