Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, драматург, дилмаш, публицист, тарийх, әдебият, тил ҳәм көркем өнер билимданы Тилеўберген Жумамуратовтың «Аралға келдим оралып» (Нөкис: «Қарақалпақстан» баспасы, 2016-жыл) топламын оқығанымда қарақалпақ бақсышылық өнерине тийисли халық намаларының келип шығыў тарийхын ҳәм намалар атамасына түсиник беретуғын, – «Саздиң парқын алғыр жүрек аңлайды» атамасындағы мақаласы өзиниң  тарийхый  дереклерге байлығы менен үлкен қызығыўшылықты пайда етти.   Бул топламды баспаға таярлаўда  шайырдың қызы, филология илимлериниң кандидаты, доцент Малика Жумамуратованың шайырдың үй архивиндеги түпнусқа, қолжазба дереклерден пайдаланыўын ҳәм баспадан шығарыўын ата мийрасын қәстерлеў ҳәм перзентлик парызын өтеўдиң үлгиси деп билемен.

Биз сөз етпекши болған шайырдың қарақалпақ халық намалары ҳаққындағы мақаласы 1989-жылы Қарақалпақстан телевидениесинде  Қарақалпақстан халық бақсысы Генжебай Тилеўмуратов пенен бирге алып барылған көрсетиўлер тийкарында пайда болған. Мақаланың басланыўында Генжебай Тилеўмуратовтың бақсышылық жолын таңлаўында, Мойнақ районы «Мәдели» аўылында туўылып, әкеси Тилеўмурат бақсыдан сабақ алғанын, ҳәм усы журттағы Дәўлеталы, Сүннетулла, Қутлымурат солақай деген сазенделердиң атқарыўшылығын көргенин келтирип өтеди. Генжебай бақсының сазенделик ҳәм атқарыўшылық шеберлигине кеўли толып, «Егер Генжебайлар болмағанда, бизиң қарақалпақтың сазы жоқ болып кетиў алдында турып еди» –  деп еске түсиреди.

Ҳақыйқатында да, бақсы Генжебай Тилеўмуратов 1960-жылдан баслап, ӨзИА Қарақалпақстан бөлими тил, әдебият ҳәм тарийх институның көркем өнер бөлиминде ислеп, қарақалпақ бақсылық өнерине байланыслы нама ҳәм сазларды жыйнап, магнит лентасына жазып изертлеп, өшпес руўхый мийрас етип қалдырған пидайы инсан еди.Бақсы Генжебай Тилеўмуратовтың шөлкемлестириўшилик хызмети менен 1976-жылы Қарақалпақстан телерадиокомпаниясы жанынан «Мухаллес» ансамбли шөлкемлестирилип, оған Г.Тилеўмуратов көркемлик жақтан басшылық етеди.

  Қарақалпақ халық намаларына қайтадан жан ендирген, бақсы Генжебай Тилеўмуратовтың карақалпақ халық намалары дүньясын терең өзлестиргенин биле отырып, халқымызға өшпес руўхый мийрас болып қалатуғын усы мақаласын жазып қалдырған.  Мақалада «Мухаллес», «Жаманшығанақ», «Хожабағман», «Бозатаў», «Қара жорға», «Қарадәли», «Илме султан», «Дәснама», «Бес перде», «Қырмызы», «Адыңнан», «Сыйперде», «Налыш», «Қызлар үйге кир», намаларының келип шығыўы ҳәм оның атқарыўшылары ҳаққында тарыйхый мағлыўматлар береди.Бунда автор Түркий тиллес халықлар сөзлигине тийкарланып, «Мухаллес» сөзин-намасын «Мухаммес»-бес муқам мәнисин аңлататуғынын еслетип өтеди.Арзы бақсы айтқан «Мухамес»тиң жети намасын сол көрсетиўде Генжебай бақсы арқалы тәрийплеп береди. «Жаманшығанақ» намасының пайда болыўын Әмиўдәрьяның күшли ағысын елеслететуғын сол ағыстан батып-жумып өтип, ағысты жеңип шыққан жигиттиң өмирин көз алдыңа келтиретуғын саздың тили баянланады – деп бақсыға гезекти береди.

Шайырдың мақаласында 1858-1859 жыллардағы «Бозатаў» ўақыясы ҳаққында сөз етилип, Әжинияз бабамыздың  «Бозатаў» тарийхый поэмасы жазылып, Әжинияз шайырдың шерткен намасын «Ески Бозатаў» намасы деп түсиник береди. Көркем өнер изертлеўшиси Ағынбай Алламуратов ҳәм Генжебай Тилеўмуратовтың билдириўи бойынша бул наманы Арзы бақсы атқарған деп көрсетеди. Себеби Арзы бақсы Әжинияз бенен заманлас болып, бир аўылда жасап, көтерилисти бастан аяғына шекем өз көзи менен көрген деген мағлыўматты береди. Бүгинги күнге шекем «Бозатаў» намасы тек ғана Әжинияздың қосығы менен айтылады. Бул намада бақсы Г.Тилеўмуратовтың атқарыўында бүгинги күнимизге келип жеткен. Автор Ақымбет бақсыдан мийрас болып киятырған «Қара жорға» намасын тәрийплегенде, нама дуўтарда шертилгенде аттың жорғасы, жүриси, шабысы наманы түсинген адамның көз алдында елеслейди деп көрсете отырып сонша дәрежеде қарақалпақ сазларының кеўилди тербететуғынын тәрийплейди. Автор «Қарадәли» намасының пайда болыўындағы Дәли-йошлы жигиттиң шерткен намасы сыпатында түсиник береди.Автор «Илме султан» намасын «Қызлардың жигитлерди шақырған намасы» – деп тәрийплеп бул наманы өзи ең дәслеп, Мойнақта Таллық бойында жасаған Қутлымурат солақайдан еситкенин, соң бул наманы Қаражан бақсы ҳәм Айтжан бақсылар айта келип, бүгин, қызлардың кесте тиккен намасын Генжебай атқарады,- деген сөзлери бақсылар шежиресин жаратыўға хызмет етеди.

Шайыр бул көрсетиўде бақсы Генжебай Тилеўмуратовқа “Түркий тиллес халықларында «Нар ийдирген» деген нама бар, бул наманы ҳәр ким ҳәр қыйлы шертеди. Генжебай қалай шертеди екен (332-бет)” – деп бул наманы да эфирге узатады. Автор «Дәснама»ны намалардың патшасы сыпатында тәрийплеп, «Бес перде» менен «Мухаммес»ти шерткен бақсыларды ҳақыйқый сәзенде сыпатында баҳалайды.Автор «Қырмызы» намасының мәнисине түсиник бериўде, биринши  мәниси «қызыл» деген сөз, екинши мәниси «алтын» деген сөз, үшинши мәниси «Қырмызы»  қыздың исми болған деп көрсете отырып, Әжинияздың төмендеги қосық қатарларынан мысал келтиреди.

“Бир қыз көрдим Ислам шаҳның елинде,

Бастан аяқ шабаўлары қырмызы”

 

Бул наманы Мойнақ  журтында Арзы бақсы атқарғанын  айтып, Арзы бақсы өз дәўиринде саўатлы адам болғанын, оның Бухарада ҳәм Хийўада оқығанын, Хийўа ханының тойларын атқарып, үш халықтың (өзбек, қарақалпақ, туркмен) ўәкиллеринен шәкиртлер шығарғанын мақтаныш пенен сөз етеди. Сол «Қырмызы»  намасын бурын Тилеўмурат бақсы, Бегим бақсылар атқарып келди,- деп дәлиллей отырып, жәнеде гезекти сол наманы тыңлаў ушын Генжебай бақсыға берген екен. Шайыр усы мақалаға негиз болған  бир  көрсетиўдиң өзинде ҳәр бир наманың түп сағасын Мойнақ журтынан өсип шыққан Арзы бақсы менен Тилеўмурат бақсыға байланыстырып, бүгинги күнимизге жетип келгенин түсиндиреди.

Ҳақыйқый көркем өнер билимданы Тилеўберген Жумамуратов Арзы бақсы ҳаққында мынадай мағлыўматты келтирип өтеди. “Арзы бақсы Хийўа ханының тойына шақырылған, Арзы бақсының сазын еситкенлер түни менен таңның атқанын билмей қалады екен. Таң атқанда ҳәмме намаз оқыйды. Арзы бақсыда қосылып намаз оқыйды. Хан айтады екен, «Сонша наманы билесең,  бүлбил қондырысаң, …Енди сениң қолыңа гүл түссин» депти.  Сонда ханның бир ўәзири айтыпты:- Ҳәмме нәрсени, бүлбилдиңде сестин, торғайдың да сестин шерте бересең. Ҳәмме нәрсени қудайтала берген екен. Енди ханның намаз оқыўга келетуғын жеринен бир шертпейсеңбе? – депти. Сонда Арзы бақсы «Хангелди» хан келди деген наманы шерткен екен”,-  деп тәрийплей отырып, бул нама хан сапардан сарайға келгенде шертилетуғын нама екен деп тәрийплейди.

Бул көрсетиўде  Арзы бақсыдан мийрас болып қалған «Сый перде» намасыда Генжебай бақсы тәрепинен шебер атқарылады.«Сый перде»  намасының келип шығыў тарийхыда тиккелей Арзы бақсының дөретиўшилигине  байланыслы пайда болған.

      Арзы  бақсы Хийўада медресени питкерерде устазына кеўилге унағандай ҳеш нарсе таба алмайды. Басқалар ҳәр түрли саўғалар берип атырса, Арзы бақсы устазының алдына саққа  жүгинип, бир дизеге қонып, шапанының ишинен дуўтарын  алып, «Тақсыр» сизге әкелген мениң ат тон, сарпайым жоқ, бирақ сизге деген жақсы сазым бар, соны саўға етемен,- деп «Сый перде» намасын шертиўи арқалы бүгинги күнимизге мийрас болып қалған екен.

Бул мақаланың жазылыўына таяныш болған бақсы Генжебай Тилеўмуратов  өзиниң сүйип атқаратуғын «Муўса намасы», «Муўса сен яры», «Ләй-ләй», «Адыңнан», «Ала қайыс», «Бес перде», «Арыўхан», «Жети асырым», «Хошадес», «Көр қыз», «Мертеўил», «Ешбай», «Мухаллес», «Зерлетме» ҳәм тағы басқада намаларын өзинен кейинги шәкиртлерине үйретип, қарақалпақ бақсышылық мектебиниң раўажланыўына салмақлы үлес қосты.

Сөз зергери шайыр Тилеўберген Жумамуратов мақаласына кеўли толған академик  Сабыр Камалов  усы  еситтириўди тыңлап,  төмендегише қол жазба  түрдеги  пикирин билдиреди. «Бул жүдә баҳалы материал,  Қарақалпақ намаларына берилген бундай комментарийлерди мен ҳеш бир Қарақалпақстандағы музыкаведлердиң мийнетлеринде көрмедим. Әттен, китапта намаларды бериў қыйында» – деп көрсеткениндей, шайыр Т.Жумамуратовтың халық намаларын тәрийплеўи миллий көркем өнеримизге ықлас қойған жасларымыз ушын өшпес мийрас болып хызмет етеди.        

Жалғас АЙТМУРАТОВ,

ҚМУ археология кафедрасының доценти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги