Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясы Нөкис филиалында Й.Гайдн ҳәм Л.Бетховенниң ең белгили музыкалық дөретпелери орын алған «Вена классикасы» атамасында концерт бағдарламасы болып өтти.

Онда филиал студент-жасларынан ибарат симфониялық оркестр классик композиторлардың фортепиано ҳәм оркестр ушын жазылған концертлерин шеберлик пенен атқарып шықты.


– Елимизде музыка ҳәм оның тарийхы ҳаққында сөз болғанда, «Устаз-шәкирт» дәстүри себепли  тек бизиң емес, ал, дүнья классикалық музыка мийрасы бизге шекем сап ҳалында, профессионал дәрежеде жетип келди, -дейди оркестрдиң көркемлик жақтан басшысы ҳәм дирижёр Полатбай Тыныбаев. – Сол себепли де И.Бах, Й.Гайдн, В.Моцарт, Л.Бетховен, Ф.Шопен, П.Чайковский сыяқлы уллы инсанлар дөреткен музыкалық дөретпелерди дүньядағы барлық миллет ҳәм халықлар елеге шекем ықласланып тыңлайды.

Концерт бағдарламасында Гайднның ең белгили шығармаларынан бири фортепиано ҳәм оркестр ушын ре мажор концерти атқарылды. Ол дәслеп 1784-жылы дөретилип, композитордың өзи атқарып шыққан. Буннан соң Бетховенниң фортепиано ҳәм оркестр ушын Nқ концерти атқарылды.

– Бундай шығармаларды атқарып шығыў үлкен мақтаныш, соның менен бирге жуўапкершиликти жүклейди, -дейди халықаралық ҳәм жергиликли таңлаўлардың жеңимпазы, солист Абдулла Сайдханов. – Бүгин өмиримдеги умытылмас күн болды. Бундай ўазыйпаны исенип тапсырған устазларыма айрықша миннетдаршылық билдиремен.

Жақсы нама – жан азығы. Намаға ықлас қойған жаслардың дөретиўшилигине табыслар тилеймиз.

Қарақалпақстан хабар агентлиги