8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы прокурорының басламасы менен Тумарис әўладларының мүнәсип даўамшысы болған ҳаял-қызларымыз арасында спорттың кураш түри бойынша республикалық турнир өткерилди.

Оған кураш спорт түри бойынша турақлы түрде шуғылланып киятырған 7 жастан 70 жасқа шекемги 100 ден аслам ҳаял-қызлар қатнасып, ҳәр қыйлы салмақ категориялары бойынша өз-ара күш сынасты.



Жарыс тәжирийбели төрешилер тәрепинен бақлап барылды.



Жарыста 36 килограмм салмақ категориясы бойынша Нөкис қаласынан Тумарис Қосыбаева, 40 килограмм салмақ категориясы бойынша Гөззал Бахытбаева, 44 килограмм салмақ категориясы бойынша Шымбай районынан Қундыз Бектурсынова, 48 килограмм салмақ категориясы бойынша Нөкис қаласынан Айнура Қуўанышбаева, 52 килограмм салмақ категориясы бойынша Хожели районынан Умида Джуманиязова, 57 килограмм салмақ категориясы бойынша Нөкис қаласынан Гүлзабийра Тлеўимбетова, 63 килограмм салмақ категориясы бойынша Нөкис Олимпия ҳәм паралимпия резервлери колледжинен Гүлзийра Хожамуратова, 70 килограмм салмақ категориясы бойынша Нөкис қаласынан Азада Медетбаева, 78 килограмм салмақ категориясы бойынша Мойнақ районынан Сабрина Узақбаева ҳәм 78 килограммнан жоқары болған салмақ категориясы бойынша Бозатаў районынан Ханзада Хожамуратовалар жеңимпаз болды.

Турнирде жақсы нәтийжелерге ерискен ҳаял-қызлар Өзбекстан Республикасы Кураш федерациясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими тәрепинен таярланған арнаўлы диплом ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
















Сондай-ақ, жасларға кураш сырларын үйретип киятырған 30 устаз-тренерге федерация тәрепинен алғыснама жәрияланып, оларға байрам мүнәсибети менен естелик саўғалар тапсырылды.

Илажда спортшыларға байрам дастурханы жайылып, жақсы тилеклер билдирилип, көркем өнер тараўы хызметкерлериниң атқарыўында концерт бағдарламасы қойып берилди.


Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги

М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери