Арал теңизиниң қурыған ултанында “Теңиз шегинсе де, инсан шегинбейди” сүрени астында жасыл аймақларды пайда етиў бойынша гезектеги жумыслар басланды.
Илаждың ашылыў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев шығып сөйлеп, қатнасыўшылардың машақатлы, соның менен бирге мақтанышлы жумысларында табыслар тиледи.
Сонғы жыллары Арал теңизи қурып кетиўиниң унамсыз ақыбетлерин жумсартыў, теңиздиң қурыған ултанында жасыл қапламаларды пайда етиў ҳәмде дегредацияға ушыраған жерлерде экосистеманы тиклеў, Аралбойы аймағын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, халықтың турмыс дәрежесин еледе жақсылаў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 15-16-ноябрь күнлери Қарақалпақстан Республикасына болған сапарында Арал теңизиниң қурыған майданларында “Жасыл қапламалар” — қорғаў тоғайларын пайда етиў, аймақтағы экологиялық жағдайды жақсылаў, зыянлы дуз ҳәм шаңлардың Арал теңизиниң ултанынан көтерилиўиниң алдын алыў мақсетинде бир қатар тапсырмалар белгилеп берилген болып, усы тийкарда әмелий жумыслар баслап жиберилди.
Басланған жумысларда ҳәр жылы Республика ўәлаятларынан келген көмекшилер, Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитети, Абаданластырыў басқармалары ҳәм жергиликли пуқаралар қатнасып, 2018-2022-жыллар даўамында жәми 1 миллион 624 мың гектар майданға шөл өсимлиги егилди.
Бундай кең көлемли жумысларды быйылғы жылда да даўам еттириў мақсетинде Арал теңизиниң қурыған майданларына авиация, техника жәрдеминде жәми 100 мың гектар майданда тоғайзарлық пайда етиў жумыслары режелестирилген. Бүгин усы ийгиликли баслама тийкарындағы жумыслар баслап жиберилди ҳәм аймаққа сексеўил, қандым, қарабарақ, черкез сыяқлы шөлге шыдамлы өсимликлер егиледи.
Илажда егис мапазын шөлкемлестириў жумысларында көрсеткен белсендилиги ушын Тоғай хожалығы комитети, Абаданластырыў, Айрықша жағдайлар басқармасы хызметкерлери, бир қатар механизаторларға баҳалы саўғалар тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги