Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 21-декабрьдеги «Жаңа Өзбекстан ҳәкимшилик реформаларын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманына муўапық, 2023-жыл 1-январьдан төмендеги республикалық мәмлекетлик басқарыў уйымларының шөлкемлестириў бойынша бойсыныўы өзгереди:
Комитетлер:
– Мәмлекетлик статистика комитети – Статистика агентлиги болып қайта шөлкемлестирилип, Өзбекстан Республикасы Президенти жанына өткерилмекте;
– Қорғаныў санааты мәмлекетлик комитети – Қорғаныў санааты агентлиги болып қайта шөлкемлестирилип, Қорғаныў министрлиги жанына өткерилмекте;
– Министрлер Кабинети жанындағы Миллетлер аралық қатнасықлар ҳәм сырт мәмлекетлер менен дослық байланыслары комитети – Мәденият ҳәм туризм министрлиги жанына өткерилмекте;
– Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик қорларды басқарыў комитети – Экономика ҳәм қаржы министрлиги жанына өткерилмекте;
– Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитети – Тоғай хожалығы агентлиги болып қайта шөлкемлестирилип, Тәбият ресурслары министрлиги жанына өткерилмекте;
– Мәмлекетлик салық комитети – Салық комитети болып қайта шөлкемлестирилип, Экономика ҳәм қаржы министрлиги жанына өткерилмекте;
– Мәмлекетлик бажыхана комитети – Бажыхана комитети болып қайта шөлкемлестирилип, Экономика ҳәм қаржы министрлиги жанына өткерилмекте;
– Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәмлекетлик комитети – Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети болып қайта шөлкемлестирилип, Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги жанына өткерилмекте;
– Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў мәмлекетлик комитети – Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети болып қайта шөлкемлестирилип, Аўыл хожалығы министрлиги жанына өткерилмекте;
– Жипекшилик ҳәм жүн санаатын раўажландырыў комитети – Аўыл хожалығы министрлиги жанына өткерилмекте.
Агентликлер:
– Жаслар ислери агентлиги – Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги жанына өткерилмекте;
– Президент билимлендириў мәкемелери агентлиги – Қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелери агентлиги болып қайта шөлкемлестирилип, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги жанына өткерилмекте;
– Кинематография агентлиги – Мәденият ҳәм туризм министрлиги жанына өткерилмекте;
– Мәмлекетлик салық комитети жанындағы Кадастр агентлиги – Экономика ҳәм қаржы министрлиги жанына өткерилмекте;
– «Ўзархив» агентлиги – Әдиллик министрлиги жанына өткерилмекте;
– Министрлер Кабинети жанындағы Космослық изертлеўлер ҳәм технологиялар агентлиги – Санлы технологиялар министрлиги жанына өткерилмекте;
– Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги жанындағы Мәдений мийрас агентлиги – Министрлер Кабинети жанындағы Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қоры жанына өткерилмекте;
– Мәҳәллелер кесиминде ислеў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў агентлиги – Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги жанына өткерилмекте;
– Фармацевтика саласын раўажландырыў агентлиги – Дәри-дармақ ҳәм медициналық буйымларды дизимге алыў менен байланыслы ўазыйпа ҳәм функциялары Денсаўлықты сақлаў министрлигине өткерилген ҳалда, Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги жанына өткерилмекте;
– Өсимликлер карантини ҳәм қорғаўы агентлиги – Аўыл хожалығы министрлиги жанына өткерилмекте.
Инспекциялар:
– Мәлимлемелестириў ҳәм телекоммуникациялар тараўында қадағалаў бойынша мәмлекетлик инспекциясы – Санлы технологиялар министрлиги жанына өткерилмекте;
– Министрлер Кабинети жанындағы Суў хожалығы объектлериниң қәўипсизлигин қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы – Суў хожалығы министрлиги жанына өткерилмекте;
– Министрлер Кабинети жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы – Аўыл хожалығы министрлиги жанына өткерилмекте;
Басқа уйымлар:
– Министрлер Кабинети жанындағы Жоқары аттестациялық комиссиясы – Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги жанына өткерилмекте.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.