«Егер жәмийет турмысының денеси экономика болса, оның жаны ҳәм руўхы мәнаўият болады. Бизлер жаңа Өзбекстанды қурыўға қарар еткен екенбиз, еки беккем таянышқа сүйенемиз. Бириншиси-базар принциплерине тийкарланған күшли экономика. Екиншиси-бабаларымыздың бай мийрасы ҳәм миллий қәдириятларына тийкарланған күшли мәнаўият»,-деген еди Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 26-марттағы ПҚ-5040-санлы қарарына тийкар, 2021-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасында 16 Руўхый-ағартыўшылық дәргайларын қурып   пайдаланыўға тапсырыў белгиленип,  өткен жылдан баслап усы имаратлардың қурылысы баслап жиберилген еди.

Кеше Нөкис районлық Руўхый-ағартыўшылық орайының қурылыс жумыслары жуўмақланып, салтанатлы түрде ашылыў мәресими болып өтти.

Ашылыў мәресиминде  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси Баслығыныӊ орынбасары Р.Сапарбаев, район ҳәкими О.Уснатдинов,  Республика  руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими баслығы Т.Атамуратов ҳәм басқалар шығып сөйлеп,  илаж қатнасыўшыларын жаңа имараттың пайдаланыўға тапсырылыўы менен қутлықлады.


Бул дәргай  Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Нөкис районлық бөлиминиң баслығы  ҳәм қәнигелериниң жумыс кабинети, мәжилислер залы, китапхана, қол өнери ҳәм сүўретлеў өнери менен шуғылланыўшылар ушын арналған арнаўлы бөлмелерден ибарат болып, онда аймақ халқы ҳәм жаслары орайда жаратылған имканиятлардан пайдаланып, өзлериниң руўхый дүньясын байытыў мүмкиншилигине ийе.

―Мен усы аймақта жасайман,-дейди бизге илаж қатнасыўшыларының бири Айнура Рашидова.-Мине бүгин бизлер өз досларымыз бенен  бирге бул орайдың ашылыўына қатнасып, ондағы оқыўшылар ушын жаратылған имканиятлар менен таныстық. Өзим сүўретлеў өнерине қызыққанлықтан усы жерде ашылатуғын сүўрет салыў дөгерегине қатнаспақшыман. Бизлерге жаратылып атырған бундай қолайлықлар ушын басшыларымызға шексиз рахмет айтамыз.



Мағлыўмат ушын айтып өтетуғын болсақ, 1977-жылдан 2000-жылларға шекем кинотеатр сыпатында халыққа хызмет көрсеткен бул имарат, соңғы жыллары қараўсыз қалғанлықтан оғада аянышлы аўҳалға түсип қалған еди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң жоқарыда атап өтилген қарарын басшылыққа алған район ҳәкимлиги жергиликли бюджеттен 1млрд 638 млн сум қаржы ажырытып, «Нурполат Глобальстрой» жуўапкершилиги шекленген жәмийети қурылысшылары тәрепинен қайта оңланып, пайдаланыўға тапсырылды ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының тийисли көрсетпеси тийкарында керекли инвентарлар менен толық тәмийинленди. Келешекте бул имарат район халқының, әсиресе өсип киятырған жас әўладтың руўхыйлық ошағына айланып, район көлеминдеги руўхый-ағартыўшылық жумыслардың тәсиршеңлигин және де арттырыўға хызмет етеди.


Адилбай Оразов,  

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы