“Қоңырат сода заводы” жуўапкершилиги шекленген жәмийети қоспа кәрханасы тәрепинен имканияты шекленген, майыплығы болған шахсларды, жалғыз кекселерди социаллық қорғаў бойынша қайырқомлық илажлары өткерилмекте.
Гүзги-қысқы мәўсимди шығынсыз өткериў мақсетинде орынларда дүзилген жумысшы топарлар тәрепинен Нөкис қаласы ҳәм районларда халықты қыйнап киятырған социаллық-экономикалық ҳәм инфраструктура менен байланыслы машқалаларды үйрениў, төмен жасайтуғын шаңарақларды хатлаўдан өткериў, олардың машқалаларын мәнзилли шешип барыў бойынша тапсырма берилген еди. Кәрхана тәрепинен Қоңырат районындағы Елабад посёлкалық, Үстирт, Әдебият аўыллық, Жиңишке, Түркстан, Темир жол ҳәм Өрнек мәкан пуқаралар жыйынларында жасаўшы жәрдемге мүтәж 30 шаңарақтың жағдайы үйренип шығылды. Оларға керекли азық-аўқат өнимлери, кийим-кеншеклер, жылытыў үскенелери ҳәм басқа да затлардың анық есап-китабы ислеп шығылды.
Өткен күни кәрхана басшылары тәрепинен усы шаңарақлардың ҳалынан хабар алынып, оларға азық-аўқат өнимлери тапсырылды.
Буннан тысқары, кәрхана Нөкис қаласы ҳәм Қоңырат районындағы пуқаралар жыйынларында алып барылып атырған қурылыс ҳәм абаданластырыў жумысларына да өз үлесин қоспақта. Атап айтқанда, Нөкис қаласы Жаңабазар мәкан пуқаралар жыйыны аймақындағы кем тәмийинленген еки пуқараның турақ жайды оңлаў, төбесин шиферлаў жумысларына жақыннан жәрдем берген болса, Қоңырат районындағы Алмазар мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы ишки жолларға қум-шағал төсеў жумысларына қәўендерлик етпекте.
Қарақалпақтан хабар агентлиги