Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Қарақалпақстан Республикасы Жазыўшылар аўқамы, университеттиң химия-технология факультети тәрепинен «Шайырлар менен сәўбет» атамасында студентлердиң шайырлар ҳәм жазыўшылар менен әдебий ушырасыўы болып өтти. Жас әўладты ўатансүйиўшилик, пидайылық руўхында тәрбиялаў, жазыўшы-шайырлардың өрнекли өмир ҳәм дөретиўшилик жолы, олар дөреткен үлкен әдебий мийрасты үйрениў ҳәм китапқумарлықты үгит-нәсиятлаў илаждың тийкарғы мақсети болды.
Илажда Қарақалпақстан халық жазыўшысы М.Нызанов, Қарақалпақстан халық шайыры, қыссахан Х.Дәўлетназаров ҳәм басқалар студент-жаслар менен китап оқыў мәденияты, китапқумарлықтың әҳмийети ҳаққында сәўбетлести. Өзлериниң дөретпелери менен таныстырып, студент-жасларға китапларын саўға етти.
– Бүгинги күнде елимизде китапқумарлықты раўажландырыўға мәмлекетлик сиясат дәрежесинде қаралмақта, -дейди химия-технология факультети тьюторы Азизбек Шерниязов. -Атап айтқанда, соңғы жыллары Президентимиздиң басламасы менен халық, әсиресе, жаслар арасында китапқумарлықты кеңнен үгит-нәсиятлаў, бул арқалы руўхый-ағартыўшылық орталығын арттырыў бағдарында айтарлықтай нәтийжелерге ерисилип атырғанына бүгин барлығымыз гүўа болып атырмыз. Президентимиздиң тийкарғы бес басламасы шеңберинде өткерилген илаж да студент-жасларымыздың поэзия, прозаға қызығыўшылықларын, китап оқыўға қуштарлығын және де арттырды, деп ойлайман.
Ушырасыў даўамында студент-жаслар мийманлардан факультет пенен тығыз байланыста болыў, келешекте усындай ушырасыўларды тез-тезден өткерип турыў бойынша усыныс билдирди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги