Қазақстан Республикасы Сенаты депутатлары пуқаралық қорғаныў, айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм оларды сапластырыў тараўында еки келисимди ратификациялады. Бул ҳүжжетлерге алдынырақ Өзбекстан ҳәм Түркменстан ҳүкиметлери тәрепинен қол қойылған еди, деп жазбақта «Казинформ» агентлиги.

Қазақстан Республикасы айрықша жағдайлар министри Юрий Ильинниң билдириўинше, бул келисим мәмлекетлерге айрықша жағдайларды болжаў, егер пайда болса, халықты зәрүр ҳәрекетлерди әмелге асырыўға таярлаў тараўында тәжирийбе алмасыў имканиятын береди. Келисим мәмлекетке қараслы оқыў мәкемелеринде пуқаралық қорғаныўды тәмийинлеў тараўында қәнигелерди оқытыўды да өз ишине алады.

Соның менен бирге, келисимниң ратификацияланыўы мәмлекетлердиң биринде жүз берген айрықша жағдайды сапластырыўда өз-ара жәрдем бериўди де нәзерде тутады. Егер мәмлекетлердиң бири аймағында айрықша жағдай жүз берсе, авариялық-қутқарыў структуралары мәмлекетлик шегараларды кесип өтиўи ҳәм күшлерин сондай-ақ, қуралларын алып өтиў имканиятына ийе болады.

ӨзА