Мәмлекетлик экология комитети қарамағындағы “Қубла Үстирт” миллий тәбият бағының аймағында жайласқан Сарықамыс көлинде Өзбекстан Республикасының Қызыл китабына киргизилген көплеген қустың сийрек ушрасатуғын түрлерин ушыратыў мүмкин.
Усы күнлерде көлге қыслаўшы қуслар ушып келгени себепли ҳәр қыйлы қусларды көриў мүмкин. Миллий тәбият бағы хызметкерлери тәрепинен көлдиӊ аймағы турақлы қадағалаўға алынып, рейд ҳәм мониторинг илажлары өткерилмекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги