ϴзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 21-июнь күнги «Майыплығы болған жасларды социаллық қоллап-қуўатлаў бойынша мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламентлерин тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарары тийкарында усы жылдың 1-август сәнесинен баслап, Өзбекстан Жаслар ислери агентлигиниң жасларға байланыслы сиясатын қоллап-қуўатлаў фонды қаржылары есабынан ҳәр жылы 14 жастан 30 жасқа шекемги майыплығы болған 500 жасқа базалық есаплаў муғдарыныӊ 50 есеси (яғный 15 миллионға шекем) муғдарында субсидия ажыратыў системасы жолға қойылды.
Субсидия 2 бағдарда, яғный майыплығы болған жасларға оқыў, жасаў ҳәм транспорт қәрежетлерин қаплаў, екиншиси әсбап-үскенелер ҳәм мийнет қуралларын сатып алыў ушын ажыратылады. Қәлеўшилер шет тиллери, улыўма билимлендириў пәнлери, кәсиплик көнликпелерди қәлиплестириўге хызмет ететуғын заманагөй кәсиплер ҳәм тағы басқаларға оқыўы, мотокультиваторлар, шөп орыўшы ҳәм қурылыс үскенелери, дақылларды қайта ислеў қурылмалары, компьютер комплекти ҳәм басқада зәрүр затларды субсидия тийкарында алыўына болады.
Буныӊ ушын арза бериўши, жоқарыдағы қарарға муўапық 14 жасқа толған ҳәм 30 жастан аспаған майыплығы болған ϴзбекстан пуқарасы, мәмлекетимиз аймағында жасаў гүўалығы болған шет ел пуқарасы яки пуқаралығы болмаған шахс (16 жасқа толмаған шахс атынан мүрәжат етилгенде оның нызамлы ўәкили) тәрепинен мәмлекетлик емес билим бериў мәкемесинде оқыў ушын ямаса әсбап-үскене сатып алыў ушын субсидия ажыратыўды сорап ммлекетлик хызметлер орайына мүрәжат етеди ямаса бирден-бир интерактив хызметлер порталы арқалы Жаслар ислери агентлигине тиккелей арза жоллайди.
Арзаларды қабыл етиў мәмлекетлик хызметлер орайы тәрепинен бийпул әмелге асырылады.
Еслетип өтемиз, 2022-жылы 500 талапкерге субсидия ажыратылғаннан соң оны бериў ушын арза қабыллаў тоқтатылады. Кейинги субсидияны ажыратыў ушын арзалар ҳәр жылы 10-январьдан баслап қабыл етиледи.
Қ.ОСПАНОВА,
Нөкис қаласы Әдиллик бөлими мәмлекетлик
хызметлер орайыныӊ бөлим баслығы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги