Мектебимиз Тахтакөпир районының ең шетки Қоңыраткөл аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан болып, онда 34 муғаллим аўыл балаларына тәлим-тәрбия берип келмекте. Бүгинги күни мектебимизде тәжирийбели муғаллимлер менен бир қатарда жас кадрлар да өсип киятырған жас әўладқа заман талабына сай тыянақлы билим берип келмекте.
«Жигитке қырқ өнер де аз» дегениндей, жас муғаллимлеримиздиң өнерге, билимге, кәсибине болған қызығыўшылығын көрип көзиң қуўанады. Солардың ишинен математика пәни муғаллими Ықлас Қасымовтың атын айрықша тилге аламыз. Себеби, ол Президентимиздиң қоллап – қуўатлаўы менен “Бес әҳмийетли баслама олимпиадасы» спорт жарыслары шеңберинде өткерилген шашка ойынында районлық ҳәм Қарақалпақстан Республикасы басқышларында сыйлы 1-орынды ийелеп, жуўмақлаўшы басқышқа жоллама алған еди.
Ықлас 9-12-декабрь күнлери Сурхандәрья ўәлаятында болып өткен Өзбекстан Республикасы басқышында сыйлы 3-орынды ийелеп, бизди үлкен қуўанышқа бөледи. Оған жарыс жуўмағында 1-дәрежели спорт разряды, қымбат баҳалы саўғалар берилип, Президентимиздиң ғамқорлығы менен аўылымызға жаңа спорт майданшасы салып берилетуғын болды. Бул жеңиси менен тек бизди емес, путкил аўыл жасларының кеўиллерин толып тастырды.
Бүгинги күни Ықластың бул ерискен табысларынан руўхланған аўылымыз жаслары арасында спорт пенен шуғылланыўшылардың саны артып бармақта.
Гүлдаўрен Жамалова,
Тахтакөпир районлық ХББ ға қараслы 18-санлы мектептиң қазақ тили хәм әдебияты пәни муғаллими.
Қарақалпақстан хабар агентлиги