Өткен жылы Беларусь, Бангладеш ҳәм Ҳиндстан Россияның ең ири қарыздарларына айланды, Иран болса кейинги 30 жыл ишинде биринши мәрте кредит алды. Бул ҳаққында «РИА Новости» Жәҳән банки мағлыўматының таллаўына сүйенип хабар бермекте.

Минсктиң Москва алдындағы қарызы жыл даўамында 1,9 процентке артып, 8,5 миллиард долларға жетти. Бул бойынша Бангладеш алдынғы жылға қарағанда, дерлик, үштен бир есеге көбейген 4,4 миллиард доллар «көрсеткиш»и менен екинши орында. Ҳиндстанның Россиядан қарызы 11,7 процентке артып, 3,3 миллиард долларға жетти.

Дизимниң кейинги қатарларында Вьетнам (1,5 миллиард), Яман (1,17), Аўғанстан (1,16) ҳәм Египет (867,2 миллион доллар) дизимге алынған. Ҳәзирги ўақытта Өзбекстанның РФ алдындағы сыртқы қарызы 254,7 миллион долларға тең екен.

1990-жыллардың басынан берли Россия қарыздарларының дизиминде енди пайда болған Иранның қарызы алты миллион доллар. Жәҳән банкиның мағлыўматында оған шекем Тегеранның Москва алдындағы қарызы ақырғы мәрте 1992-жылы көрсетилгени айтылған. Сол ўақытта бул сан 251,3 мың еди.


ӨзА