Әзербайжанның бес районында күшли қар бораны себепли газ тәмийнатында үзилислер бақланбақта, 5 мың абонент газсиз қалды, деп хабар бермекте «Азеригаз» өнидирислик бирлеспесиниң баспасөз хызмети.
Кейинги бир неше күн даўамында Әзербайжанның бир қатар районларында қолайсыз ҳаўа шараяты бақланбақта. «Ҳаўаның кескин төменлеп кетиўи ақыбетинде Имишли, Губин, Гусар, Лерик, Астарин районларында бир қатар аўылларды газ бенен тәмийинлеўде үзилислер бақланған.
«Азеригаз» өндирислик бирлеспеси суўық ҳаўа шараятында халықты газ бенен үзликсиз тәмийинлеў ушын барлық имканиятты иске қоспақта. Кескин ҳаўа райы газ тәмийнатшыларыныӊ жумысын шеклеп қоймақта, соған қарамастан, газсиз қалған 5000 абоненттиӊ машқаласын шешиў ушын зәрүр илажлар көрилмекте»,-делинеди бирлеспе тарқатқан хабарда.
ӨзА