Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Өзбекстан Республикасының илим ҳәм техника, әдебият, көркем өнер ҳәм архитектура тараўындағы Мәмлекетлик сыйлықларды шөлкемлестириў ҳаққындағы Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2006-жыл 25-июльде қабыл етилген ПП-3781-санлы Пәрманы ҳәм Өзбекстан Республикасының илим ҳәм техника, әдебият, көркем өнер ҳәм архитектура тараўындағы Мәмлекетлик сыйлықлары кеңесиниң 2022-жылғы Мәмлекетлик сыйлықлар бойынша усынысына тийкарланып елимиздиң илими, әдебияты ҳәм көркем өнерин раўажландырыўға қосқан салмақлы үлеси, жәмийетимиздиң социаллық-экономикалық, илимий-техникалық ҳәм руўхый-ағартыўшылық турмысында айрықша итибарға ылайық болған, халықаралық көлемде тән алынған фундаменталь изертлеўлери, заман талапларына жуўап беретуғын жоқары, мазмуны жағынан әҳмийетли дөретиўшилик жумыслары ушын:

Төмендегилерге Биринши дәрежели Мәмлекетлик сыйлықлар берилсин:

илим ҳәм техника тараўында:

Санакулов Қуўандық, Снитка Николай Павлович, Усманов Рустамжон, Эргашев Улыгбек Абдрасулович, Мустакимов Атабек Маннабиевичке – «Технологиялық ҳәм ислениўи қыйын болған алтын қурамлы рудаларды қайта ислеў ҳәм өзлестириўдиң комплексли технологияларын ислеп шығыў ҳәм енгизиў» бойынша илимий-әмелий қолланбасы ушын;

әдебият тараўында:

Каримов Наим Фатиховичке – «Абдулла Қодирий замандошлари» шығармасы ушын;

көркем өнер ҳәм архитектура тараўында:

Аликулов Алишер Махмудовичке – Самарқанд ўәлаятындағы Имам Бухарий илимий-изертлеў орайы ҳәм Ташкент қаласындағы «Жеңис парки» естелик комплексинде жайласқан «Шон-Шараф» музейинде исленген саўлатлы реңли сүўретлеў шығармалары ушын.

Төмендегилерге Екинши дәрежели Мәмлекетлик сыйлық берилсин:

илим ҳәм техника тараўында:

Квинт Владимир Львовичке – «Әмир Темурдың стратегиялық жетекшилиги: «Тузуклер»ге түсиниклер» илимий монографиясы ушын;

көркем өнер ҳәм архитектура тараўында (көркем өнер ҳәм архитектура тараўында нәзерде тутылған 1 екинши дәрежели Мәмлекетлик сыйлық орнына 2022-жылы бурынғысынан басқаша тәризде 2 екинши дәрежели Мәмлекетлик сыйлық берилиўи белгиленсин):

Миртаджиев Джалалитдин Турсуновичке (марҳум) –ғәрезсизлик жылларында Өзбекстанда ҳәм бир қатар сырт еллерде исленген мүсиншилик дөретпелери ушын;

Муҳаммаддинов Нажимаддинге – «Гүлле-жайна, Өзбекстаным!» симфониялық поэмасы, «Айжамал» балети ҳәм «Гүлайым» операсына жазылған музыкалық композициялары ушын.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти                          Ш.Мирзиёев