2022-жылдың 12-14-декабрь күнлери Сыртқы ислер министри Владимир Норов басшылығындағы Өзбекстан Республикасы делегациясы АҚШқа барады.

Бул ҳаққында министрлик баспасөз хызмети хабар берди.

Вашингтон қаласында делегация Өзбекстан ҳәм АҚШ арасындағы стратегиялық шериклик сөйлесиўиниң екинши мәжилисинде қатнасады.

Сапар шеңберинде Владимир Норов АҚШ Мәмлекетлик хаткери Энтони Блинкен ҳәм АҚШтың басқа да рәсмийлери менен сөйлесиўлер өткереди.


Қарақалпақстан хабар агентлиги