Улыўма қуўатлылығы 2897 МВт болған қуяш ҳәм самал электр станцияларын қурыў бойынша халықаралық компаниялар менен 10 келисимге қол қойылған, деп хабар бермекте Humаn.uz телеграмм каналы.
Жойбарлардың улыўма баҳасы 3 миллиард АҚШ доллары болып, сырт ел компаниялары тәрепинен тиккелей инвестициялардыӊ есабынан әмелге асырылады.
2021-жылы Наўайы ўәлаятының Кармана районында 100 МВт қуўатлылықтағы, 2022-жылы Самарқанд ўәлаятының Нурабод районында 100 МВт қуўатлылықтағы қуяш электр станциялары жумыс баслады.
2023-2024-жылларда Қарақалпақстан Республикасының Қараөзек районы, Жиззақ ўәлаятының Ғаллаорол районы, Сурхандәрья ўәлаятының Шерабад районында, Наўайы ўәлаятының Нурата районы, Самарқанд ўәлаятының Каттақорған районында 1197 МВт қуўатлылықтағы 5 қуяш ҳәм самал электр станциялары, соның менен бирге, 2024-2025-жылларда Бухара ўәлаятының Пешку ҳәм Ғиждуван районлары және Наўайы ўәлаятының Тамды районында 1500 МВт қуўатлылықтағы 3 самал электр станциялары пайдаланыўға тапсырылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги