Шоколад көпшиликке унайды. Шоколадқа болған муҳаббат жасы, жынысы, географиялық жайласыўы ямаса социаллық келип шығыўын есапқа алмайды. Төмендеги мағлыўматларда дүньяға белгили болған ең жақсы шоколад брендлери менен танысасыз.
- Ferrero Rocher
Ferrero Rocher дүньядағы жетекши ҳәм ең көп сатылатуғын шоколад бренди екенлиги айтылады. Бул шоколадты жақсы көретуғын миллионлаған адамлар бар. Кексе жастағы адамлар да буны жегенде кишкене балаға айланғандай болады. Бул шоколадлар әдетте адамларға байрам саўғасы сыпатында бериледи. Бул бренд шоколадлар рейтингинде биринши орында турады.
- Chirardelli
Chirardelli – Швейцария өними болып бир бөлеги АҚШтың бренди. Chirardelli – бул шоколадларды үлкен күш ҳәм муҳаббат пенен ислеп шығаратуғын бренд.
- Guylian
Guylian дүньяға белгили Бельгия шоколады екнлиги айтылады. Бул шоколад дүньяның жүзден артық мәмлекетлеринде сатылады. Буны бир жегенде ол аўызда ерийди ҳәм инсанға күш бағышлайды.
- Patchi
- Toblerone
- Cadbury
- Mars
- Godiva
- Lindt & Sprungli
- Kit Kat шоколадлары да ең белгили өнимлер ретинде тән алынған.
Азизбек Дабылов,
ҚМУ Интернет журналистикасы
тәлим бағдарының 4-курс студенти,
Қарақалпақстан хабар агентлиги