Елимиздиң социаллық-экономикалық ҳәм сиясий турмысында үлкен әҳмийетке ийе болған Өзбекстан Республикасы Конституциясының қабыл етилген күни республикамыздың барлық аймақларында кең түрде белгиленбекте.
Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалында өткерилген усындай илажда Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының, Қарақалпақстан Республикасы судының ўәкиллери, профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслар қатнасты.
– Конституция халықтың сиясий-ҳуқықый мәплерин өзинде қамтып алған, -дейди филиалдың көркем гимнастика факультети студенти А.Қудайбергенова. – Онда шаңарақтың муқаддес екенлиги, ата-аналық, перзентлик ўазыйпалардың юридикалық ҳәм әдеп-икрамлылық нормалары ҳаққында бүгин бизлер кең түрде түсиникке ийе болдық.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Ш.Өтемисов қатнасып, жыйналғанларды Өзбекстан Республикасы Конституциясының 30 жыллығы менен қутлықлады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги