Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Қарақалпақ академиялық лицейинде 1-декабрь – «Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил статусы берилген күн» ҳәм уллы бабамыз Бердақ шайырдың 195 жасқа толыўы мүнәсибети менен ушырасыў кешеси өткерилди.

Онда шығып сөйлегенлер  ҳәзирги глобалласыў ҳәм мәлимлеме дәўиринде тилди таза сақлаў ҳәм оны келешек әўладқа сап ҳалында жеткериў-бәршемиздиң ең әдиўли ўазыйпамыз екенин атап өтти. Әлбетте, бундай жуўапкерли ўазыйпаның әҳмийетин терең аңлай отырып, жасларымызды ана тилимизге, миллий қәдириятларымызға садықлық руўхында тәрбиялаў бәршемизден пидайылықты талап етеди.



-Тил – бул миллеттиң айнасы. Ҳәр бир халықты басқа миллет ўәкиллеринен өзиниң ана тили арқалы таныймыз, -дейди лицейдиң қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни оқытыўшысы Дилара Раметова. -Ана тилимиздиң усы күнге шекем жетип келиўинде халқымыздың көркем аўыз-еки дөретпелериниң, уллы жазыўшы-шайырлардың хызмети үлкен болды.

– Тил биринши гезекте әдебиятымызда сәўлеленеди, – дейди лицейдиң 1-курс оқыўшысы Диана Сәрсенбаева. – Уллы бабамыз Бердақ шайыр бизиң тилимиз ең әййемги тиллерден екенин өзиниң шығармаларында  атап өткен. Тилимиз аўыр күнлерди басынан өткергенлигине қарамастан, усы күнлерге шекем жетип келген. Мениңше, тилге бағышланған илажлар турақлы түрде өткерилиўи керек.

Лицей оқыўшылары тәрепинен тақмақлар, жумбақлар айтылып, концерт бағдарламасы қойып берилди.


Қарақалпақстан хабар агентлиги