Жер участкасын есапқа алыў ҳәм жерге болған ҳуқықларды мәмлекетлик дизимнен өткериў алды менен жер участкаларын қорғаў, жерге болган мүнәсибетлерди тәртипке салыўдан ибарат.
Хабарыңыз бар, жәҳән банки қатнасыўындағы «Көшпес мүлк ҳәм кадастр системасын дизимге алыў системасын модернизациялаў» жойбары шеңберинде ислеп шығылған «Uzkad» мәлимлеме системасы арқалы дәслеп Қарақалпақстан Республикасында аўыл хожалығы бағдарындағы жерден пайдаланыўшылардың жер майданларын мәмлекетлик дизимнен өткериў жумыслары алып барылған еди.
Бүгинги күнде бул системаға Қарақалпақстан Республикасындағы улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жоллары киргизилмекте.
Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары бас басқармасы менен Мәмлекетлик кадастрлары палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы биргеликте улыўма пайдаланыўда болған 4254 км автомобиль жоллары хатлаўдан өткерилип, мәмлекетлик дизимнен өткерилмекте.
Атап айтқанда бүгинги күнде 3000 км улыўма пайдаланыўдағы сыртқы автомобиль жолларына кадастр паспорты рәсмийлестирилди ҳәм мәмлекетлик дизимнен өткерилди.
Мәмлекетлик дизимнен өткерилген автомобиль жолларын қала ҳәм районлық кесимде көрип шыққанда Қанлыкөл, Кегейли, Қоңырат, Мойнақ, Тахтакөпир ҳәм Шоманай районларындағы улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жолларына кадастр паспортын таярлаў ҳәм мәмлекетлик дизимнен өткериў жумыслары жуўмақланды.
Нөкис қаласында 71,0 км, Әмиўдәрья районында 92,9 км, Беруний районында 182,36 км, Бозатаў районында 96,4 км, Қараөзек районында 123,1 км, Нөкис районында 139,1 км, Тақиятас районында 10 км, Төрткүл районында 228,76 км, Хожели районында 48 км, Шымбай районында 222,0 км, Елликқала районында 55,00 км автомобиль жолларына кадастр паспортын таярлаў ҳәм мәмлекетлик дизимнен өткериў жумыслары алып барылды.
Сондай-ақ, қалған 1170 км автомобиль жолларына кадастр паспортын таярлаў ҳәм басқарма тәрепинен мәмлекетлик дизимнен өткериў жумыслары әмелге асырылмақта.
Адил Еренов,
Мәмлекетлик кадастрлары палатасы
Қаракалпақстан Республикасы басқармасы баслығы орынбасары.
Қарақалпақстан хабар агентлиги