Бас прокуратура жанындағы департаменттиң Қарақалпақстан Республикасы Төрткүл районы бөлими, районлық ишки ислер бөлими хызметкерлери менен биргеликте өткерилген оператив илаж даўамында жасалма усылда таярланған, қәлбеки акциз маркалары менен желимленген «Қаратаў» спиртли ишимлиги анықланды
Атап айтқанда, Төрткүл районынан Бухара ўәлаятына қарай ҳәрекетленип баратырған «ISUZI» маркалы автомашина Мискин блок постында тоқтатылып тексерилгенде, Бухара ўәлаяты Ромитан районында жасаўшы Н. исмли шахсқа тийисли болған улыўма баҳасы 239,7 миллион сумлық 10 мың 560 шийше жасалма усылда таярланып, қәлбеки акциз маркалар менен желимленген «Қаратаў» алкоголь ишимлиги анықланды ҳәм айғақлы зат ретинде алынды.
Бул алкоголь өнимлериниң ислеп шығарылған дәрегин анықлаў бойынша оператив илаж даўам еттирилгенде, Төрткүл районында жасаўшы О.исмли шахс Н.ға 10 мың 560 шийше жасалма усылда таярланып, қәлбеки акциз маркалар менен желимленген «Қаратаў» алкоголь ишимлигин 158 миллион 400 мың сумға сатқанлығы анықланды. О.исмли шахстың үйи тексерилгенде 5 литр спирт, шийшениң аўзына басылатуғын 5 мың 400 дана капсула ҳәм басқа да затлар анықланып, айғақлы зат ретинде анықланды.
Бул жағдай бойынша департаменттиң Қарақалпақстан Республикасы Төрткүл районы бөлими тәрепинен Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексининң тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы