Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлиги тәрепинен тараў қәнигелериниң қатнасыўында оқыў-семинары өткерилмекте.

Онда пахта ҳәм ғәллениң тийкарғы зыянлы организмлери, оларды анықлаў усыллары, шөлкемлескенлик пенен өнимлерди оннан қорғаў усыллары ҳәм басқа да темаларда баянатлар оқылып, түсиниклер берилмекте.

  • Атап айтқанда, «Агробанк» АТБ тәрепинен аўыл-хожалығы тараўын қоллап-қуўатлаў бойынша алып барылып атырған илажлар, өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў тараўындағы ҳуқықый-нормативлик ҳүжжетлер, субсидиялар, олардан пайдаланыў талаплары, аймақларда үй алды қыйтақ жер ийелери, дийқан ҳәм фермер хожалықлары, аўыл-хожалығы өнимлерин жетистириўде тийисли комплексли түрдеги системалы хызмет көрсетиў бойынша AgroZamin.uz ҳәм e-fito.uz бағдарламаларынан пайдаланыў жоллары туўралы мағлыўматлар берилди,-дейди Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў илимий-изертлеў институты Қарақалпақстан Республикасы филиалы директоры Д.Үббиниязов.

Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.


Қарақалпақстан хабар агентлиги