Бухара ўәлаяты судының имаратында усы жылдың 1-2-июль күнлери Нөкисте жүз берген ғалабалық тәртипсизликлерде қатнасқанлықта гүманланған 22 судланыўшыға байланыслы жынаят исин көрип шығыў бойынша ашық суд мәжилиси болып өтпекте.
Суд мәжилисиниң биринши күни мәмлекет айыплаўшысы тәрепинен оқып еситтирилген айыплаў жуўмағының қысқаша мазмунына бола, Д.Тәжимуратов жәмлескен топар шөлкемлестирип, Қарақалпақстан Республикасының әмелдеги ҳүкиметин аўдарып, өзин Жоқарғы Кеңес Баслығы лаўазымына тайынлаў мақсетинде усы жылдың 1-2-июль күнлери ғалабалық тәртипсизликлерди шөлкемлестирген.
Л.Қаллыханова усы жәмлескен топарға бирлесип, социаллық тармақлар арқалы сепаратизм идеялары менен суўғарылған, халықты ғалабалық тәртипсизликке ийтермелеўши материалларды тарқатып келген.
А.Турданов 1-2-июль күнлери Нөкис қаласындағы ғалабалық тәртипсизликлерде спортшылардың қатнасыўын тәмийинлеген ҳәм Д.Тәжимуратовты мойнына отырғызып, Жоқарғы Кеңести ийелеў мақсетинде алып барған.
А.Сметуллаев ҳәм Д.Джиемуратов 1-2-июль күнлери Қарақалпақстан Республикасы районларынан адамларды ғалабалық тәртипсизликлерге тартқан ҳәм өзи де белсене қатнасып, Д.Тәжимуратовты қоллап-қуўатлаған.
Б.Қәдирбергенов адамларды ғалабалық тәртипсизликке тартып, Жоқарғы Кеңес ҳәм Нөкис халықаралық аэропортының имаратларын басып алыўға шақырған.
Б.Сейтниязов Қазақстан Республикасындағы «Аллаяр жолы» диаспора ағзасы болып, ғалабалық тәртипсизликлерди шөлкемлестириўге ҳәм Д.Тәжимуратовты қоллап-қуўатлаўшы баннерлер таярлаўға жәрдем берген.
А.Тоқымбетов 2-июль күни Хожели районында жыйналған адамларға Қарақалпақстан Республикасының ғәрезсиз болыўы зәрүр екенлигин мәлим етип, оларды ғалабалық тәртипсизликке шақырып, оларға жетекшилик еткен.
Қ.Сейтимов 2-июль күни Қараөзек районында адамларды жыйнап, оларды ғалабалық тәртипсизликлерге тартып, оларға жетекшилик еткен.
А.Нуратдинов 2-июль күни Қанлыкөл районында адамларды ғалабалық тәртипсизликлерге шақырыўшы материалларды тарқатып келип, ғалабалық тәртипсизликлерде жетекшилик еткен.
С.Медетов 2-июль күни Шоманай районында адамларды ғалабалық тәртипсизликлерге шақырыўшы материалларды тарқатып келип, ғалабалық тәртипсизликлерде жетекшилик еткен.
Н.Найыпов 2-июль күни ғалабалық тәртипсизликлерге шақырыўшы видеомүрәжат таярлап, оны социаллық тармақлар арқалы тарқатқан.
П.Шамшетов 2-июль күни адамларды ғалабалық тәртипсизликлерге тартқан ҳәм өзи де оларда белсене қатнасқан.
Р.Бекмуратов 2-июль күни «Нәўпир» МПЖ аймағында ғалабалық тәртипсизликти сапластырыў ушын жумсалған Миллий гвардия хызметкерлерине ҳүжим етип, оларға дене жарақатын жеткерип, «ПМ» маркалы пистолетин алып қойған.
С.Қаипов 2-июль күни «Нәўпир» МПЖ аймағында ғалабалық тәртипсизликти сапластырыў ушын жумсалған Миллий гвардия хызметкерлерине ҳүжим етип, оларға дене жарақатын жеткерген. Буннан тысқары, сепаратизм идеялары менен суўғарылған видеомүрәжат таярлап, оны тарқатыў мақсетинде сақлап келген.
Б.Генжебаев 2-июль күни Шоманай районында ғалабалық тәртипсизликлерде Ферғана ўәлаятынан келген өзбек миллетине тийисли 3 шахсты тоқтатып, оларға дене жарақатын жеткерип, 3,6 миллион сум муғдарындағы пулларды қатаң есаптағы ҳүжжетлерин басқыншылық жолы менен алып қойған.
С.Қалилаев 2-июль күни Кегейли районында ғалабалық тәртипсизликлерге жетекшилик етип, миллетшилик тийкарында Әндижан ўәлаятының ҳәкимлиги ШТАБЫн өртеп, мүлклерин набыт еткен.
П.Нурниязов 2-июль күни Нөкис қаласында ғалабалық тәртипсизликлерде ҳуқық қорғаўшы уйым хызметкерлериниң жумысын шеклеў мақсетинде жолларды тосып, автошина жағыўда жетекшилик еткен.
С.Калимов 1-июль күниндеги ғалабалық тәртипсизликлер ушын ҳәкимшилик қамаққа алынғанларды азат етиў мақсетинде оларды сақлаў орнына ҳүжим етип, өртеген.
Н.Султамуратов 2-июль күни Нөкис қалалық ИИУ ФМБға исленген ҳүжимде белсене қатнасып, терек жағып, жолларды тосқан.
А.Темирханов 2-июль күни ғалабалық тәртипсизликлерде Хожели гүзары көшесинде «Молотов коктейли»нен пайдаланып, ҳуқық қорғаў уйымы хызметкерлериниң жумысына қарсылық еткен.
А.Адилбеков 2-июль күни ғалабалық тәртипсизликлерде Төрткул гүзары көпиринде «Молотов коктейли»нен пайдаланып, ҳуқық қорғаў уйымы хызметкерлериниң жумысына қарсылық еткен.
Суд процеси ашық түрде өткерилмекте. Ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ҳәм блогерлер ушын суд мәжилислерин видеоконференцбайланыс қуралында тиккелей бақлаўға мөлшерленген ҳәм барлық техникалық шараятлар жаратылған баспасөз залы шөлкемлестирилген. Сондай-ақ, судланыўшылардың жақын туўысқанлары да суд процесинде қатнаспақста.
Бул жынаят иси Қарақалпақстан Республикасы судының жынаят ислери бойынша судлаў коллегиясының судьясы Е.Абибуллевтиң басшылығында биринши инстанция судында көрип шығылмақта.
Зариф Комилов, Тоҳиржон Истатов (сүўрет), ӨзА