Республикамыз аймағында «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде гүзги айларда «Әҳмийетли 40 күнлик» акциясы даўамында жәми 5 миллион 250 мың түп саяманлы, мийўели терек ҳәм путақ нәллериниң егилиўи режелестирилген еди.

Усы жыл 27-ноябрьге шекемги әмелге асырылған акция илажларында Тоғай хожалығы комитети тәрепинен 925 мың 500, нәлшилик фермер хожалықлары тәрепинен 1 миллион 951 мың 500, халықтың қыйтақ жерлери ҳәм басқалар тәрепинен 2 миллион 373 мың 400 түп саяманлы, мийўели терек ҳәм путақ нәллери жеткерип берилди.

– «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңбериндеги «Әҳмийетли 40 күнлик» илажлары Мойнақ районындағы Қызыл жар аўыл пуқаралар жыйынында республикамыз басшылары, тийисли қәнигелер, депутатлар, нураныйлар, жаслар ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң қатнасыўында үлкен көтериңкилик пенен баслап берилген еди,-дейди Экология комитетиниң Биокөптүрлиликти қорғаў, санластырыў ҳәм кадастрды жүргизиў бөлиминиң бас қәнигеси А.Якубов. – Ҳәзирги ўақытта усы 40 күнлик илажлардың соңғы он күнлиги әмелге асырылмақта.

Усы илажлар даўамында, бир қатар арнаўлы семинарлар өткерилип, онда терек нәллерин егиў, суўғарыў системаларын шөлкемлестириў ҳәм тәрбиялаў мәселелери додаланып, пикир-усыныслар билдирилди. Илимпазлар ҳәм қәнигелер тәрепинен республикамыздың климат шараятына сәйкес тереклердиң жаңа сортларын жаратыў, тәрбиялаў, нәл егиў агротехникасын дурыс шөлкемлестириў, нәллердиң шорға шыдамлы түрлерин көбейтиў, егилген нәллерди кеселликлер ҳәм зыянкеслерден қорғаў сыяқлы бир қатар темаларда баянатлар жасалып, нәл егиў бойынша мастер-класслар өткерилди ҳәм тәжирийбе алмасылды.

Ал, комитетимиз тәрепинен «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңбериндеги үлги баслама сыпатында аймақтың климатына сәйкес тереклерден ибарат «Жасыл бағ» пайда етиў ушын Нөкис қаласындағы Жийдели байсын МПЖда 4 гектар жер таңланып, жергиликли ҳәкимият, тоғай хожалығы комитети ҳәм тийисли мәкемелер менен оның жойбары таярланды.

Усы экология бағына мийўели ҳәм саяманлы терек нәллерин егиў ушын арнаўлы техникалар тартылып, жерлерди таярлаў ҳәм тегислеў жумыслары алып барылды. Соң усы «Экология бағы» аймағына республикамыздың климатлық шараятына сәйкес 1000 түптен аслам катальпа, айлант, терек, шығыс түйеси, сумтал ҳәм клён сыяқлы терек нәллери егилди. Ҳәзирги ўақытта бағдағы усы бағдардағы жумыслар даўам еттирилмекте.

Сондай-ақ, жаратылып атырған бул бағда жергиликли турғынлар тәбийғый шараятта мәдений дем алыўын тәмийинлеў мақсетинде орынлықлар, түнги жақтыландырыў қурылмалары ҳәм шығынды таслаў қутыларын да орнатыў режелестирилген.

Республикамыздың қала ҳәм район ҳәкимликлери тәрепинен кем тәмийинленген шаңарақларға 10 түптен мийўели терек нәллерин бийпул тарқатыў жумыслары әмелге асырылды. Бүгинги күнге шекем 557кем тәмийинленген шаңараққа 5570 түп нәл бийпул тарқатылып, бул жумыслар даўам етпекте.






Республикамызда усы жыл 27-ноябрь жағдайына 4 миллион 630 мың  түп (88,2%) саяманлы терек, мийўе ҳәм путақ нәллерин егиў жумыслары алып барылды. Бул илажға көплеген мәкеме ҳәм шөлкемлер белсене қатнаспақта.

«Әҳмийетли 40 күнлик» илажлары даўам етпекте.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги