Россия Федерациясы Федерал мәжилиси Мәмлекетлик Думасының Баслығы «Матонат мадҳияси» естелик комплексине гүл қойды.
Елимизде рәсмий сапар менен болып турған Россия Федерациясы Федерал мәжилиси Мәмлекетлик Думасының Баслығы В.Володин басшылығындағы делегация ағзалары Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Спикери Н.Исмоилов пенен бирге Жеңис паркине барды.
Уллы Жеңистиң 75 жыллығына бағышланып қурылған бул бийтәкирар комплекс қаҳарман халқымызға мүнәсип болып, ҳәм архитектуралық жақтан ҳәм тарийхый-руўхый жақтан оғада бийбаҳа ҳәм саўлатлы естелик болып бой тикледи.
Бул бағда халықтың тарийхқа қайтып, өткенлерди еске алыўы, оларға ҳүрмет көрсетиўи, мазмунлы дем алыўы, ғалабалық мәдений илажлар, дөретиўшилик ушырасыўлар, әдебий кешелер өтикериўи ушын барлық шараятлар жаратылған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги