Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 33 жыллығы ҳәм 14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен Тахтакөпир районында өзиниң азаматлық ўазыйпасын өтеп атырған мүддетли әскерлер менен жақынлары арасында видеобайланыс илажы шөлкемлестирилди.
Илажда сөзге шыққанлар тәрепинен әскерий хызметти өтеў ҳәр бир ел азаматы ушын тек ғана уллы ўазыйпа емес, ал, садықлық ҳәм мәртлик мектебине айланғанлығын атап өтип, қатнасыўшыларды байрам менен қутлықлады.
Видеобайланыс арқалы әскерлер өзлериниң хызмет орынлары, әскерий бөлимдеги турмысы ҳәм жаратылған шараятлар ҳаққында өз жақынларына айтып берди.
Илаж даўамында Армияда өз қатарларына өрнек болып киятырған әскерлердиң ата-аналарына әскерий бөлим тәрепинен арнаўлы миннетдаршылық хаты салтанатлы жағдайда тапсырылды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы