Реңли телевизор жойбары Адамяр, Зворкийн ҳәм басқа да көпшилик илимпазлар тәрепинен әмелге асырылды. Дүньяда биринши реңли телевизор 1950-жылларда пайда болып, АҚШта RCA механикалық тексериўге ийе биринши CBS RX-40 телевизоры исленген. Бул телевизор экранының өлшеми 14 ден 10 см ге шекем.
Россияда биринши реңли телевизор 1954-жылы Ленинград қаласында шығарылды.
Биринши патентленген жойбар 19-әсирдиң ақырында россиялы ойлап табыўшы, инженер Александр Полумордвинов реңли телевизор имканиятларын халыққа усынды. Ол 1899-жылдың ақырында ҳақыйқый көп реңли телевизиялық система ушын патент алыўға миясар болды. Усы система бүгинги күнниң аналоги еди. Тарийхый процессте түрли илимпазлар тәрепинен усынылған реңди көрсетиўши жигирма беске шамалас жойбарлар белгили болған. Александр Полумордвинов үш компонентли көп реңли көриў әмелиятын усынды.
Бийбиназ Сарсенбаева,
ҚМУ Интернет журналистикасы
тәлим бағдарының 4-курс студенти,
Қарақалпақстан хабар агентлиги