Қырғызстан ҳүкимети Тәжикстан менен шегара бойынша келиспеўшиликлерди жақын арада шешиўден үмит етпекте. Бул ҳаққында Қырғызстан мәмлекет басшысы Садир Жапаров Бишкекте болып өткен халық қурылтайында айтып өтти.

«Бизиң тийкарғы мақсетимиз – ҳәр қандай қыйыншылықларға қарамастан, бир ҳүкиметтен басқа ҳүкиметке өтип киятырған шегара машқалаларын кейинги әўладқа қалдырмай шешиў. Ҳәзир биз қоңсылас Тәжикстан менен шегара мәселелерин шешиўге киристик ҳәм машқаланы тезирек сапластырыў ушын барлық имканиятымызды иске қосамыз», – деди ол.

Оның айтыўынша, республика коронавирус пандемиясы ҳәм оның изинен пайда болған глобал сиясий ҳәм экономикалық ўақыялардың кери ақыбетлери менен жүзбе-жүз келди.

«Жаңа қәўип-қәтерлер ҳәм машқалалар барлық мәмлекетлерде, соның ишинде, Қырғызстанда да пайда болды. Олардың бири қәўипсизлик мәселеси болып табылады».

Мәмлекетимиздиң пүтинлигине қәўип салған шегарадағы кейинги ўақыялар ҳәр бир қырғызстанлыны қәўетерге салды. Ашығын айтқанда, шегарашыларымыз ҳәм жергиликли халық ўәкиллериниң өлимине себеп болған аянышлы ўақыяларға шегара сызықларын анықлаў жумыслары жуўмағына жеткерилмегени ҳәм нәмәлим мүддетке созылып кеткени тийкарғы себеп болды», – деп атап өтти Президент.

Соның менен бирге, Қырғызстан Президентиниң атап өтиўинше, бүгинги күнде мәмлекет барлық қоңсылас мәмлекетлер – Өзбекстан, Қазақстан ҳәм Қытай менен шегара мәселелерин толық шешкен, тек Тәжикстан буған кирмейди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги