Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 28-майдағы «Кекселерди мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын буннан былай да жетилистириўдиң қосымша илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде елимизде ҳәр жылы ноябрьде «Кекселер ушын туризм айлығы»н өткериў белгиленген.
–Усы айлық шеңберинде барлық аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларында реже тийкарында кекселерди мәмлекетимиздиң дыққатқа ылайықлы ҳәм тарихый орынларына саяхатқа апарыў шөлкемлестирилмекте,-дейди Әмиўдәрья районы Мәҳәлле ҳәм нуранийларды қоллап-қуўатлаў бөлими баслығының орынбасары Баҳадыр Балтабаев-Атап айтқанда, тек ғана 19-ноябрь күни болып өткен илажлар туризм айлығының қандай дәрежеде өтип атырғанынан дәрек береди.
Усы күни илажлар ерте азаннан «Саламатлық ушын 5000 қәдем» сүрени астындағы марафон менен басланды. Онда 200 ден аслам нураний қатнасып, Алмазар мәкан пуқаралар жыйынындағы Орайлық стадионнан жасалма қапламалы футбол майданшасына шекем пияда жүрип, саламатластырыў шынығыўларында қатнасты. Буннан кейин нуранийлардың қатнасында мини футбол жарысы өткерилип, жеңимпазлар сыйлықланды.
Алмазар мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы «Бәркамал әўлад» балалар мектебинде болып өткен миллий өнерментшилик көргизбеси ҳәм үш әўлад ушырасыўында 30 нураний ҳәм 50 жас қатнасты. Қызықлы өткен ушырасыў соңында нуранийларға саўғалар тапсырылды.
Мийманлар ҳәм илаж қатнасыўшылары районлық Мәҳәлле ҳәм нуранийларды қоллап-қуўатлаў бөлиминде шөлкемлестирилген илажларда қатнасты. Бул жерде саламатландырыў шынығыўлары, шахмат ҳәм шашка бойынша жарыс өткерилди. Жарыс жуўмағында жеңимпаз болған кекселер сыйлықланды. Қатнасыўшылар бул жерде нураний Базарбай Халимбетов ҳәм оның шәкиртлери, райондағы дөретиўши нуранийлар тәрепинен исленген мүсиншилик, сүўретшилик ҳәм қол өнериниң үлгилери, китаплар көргизбеси менен таныстырылды. Илаж соңында бир топар нуранийларға Қарақалпақстан Республикасы Нуранийлар фонды, районлық Мәҳәлле ҳәм нуранийларды қоллап-қуўатлаў бөлими тәрепинен хошаметленди.
Усы күни Аяқшы мәкан пуқаралар жыйыны имаратының ашылыў салтанаты болып өтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм нуранийларды қоллап-қуўатлаў министри Сағындық Турманов шығып сөйлеп, жыйналғанларды жаңа имараттың ашылыўы менен қутлықлады. Мәкан пуқаралар жыйынына компьютер ҳәм реңли принтер саўға етилди. Бул жердеги «Аталар шайханасы»нда «Ҳүрмет, иззет, итибар» атамасында илаж өткерилди.
Усы күни Қылышбай аўыл пуқаралар жыйынындағы «Хидирбай ата» тойханасында шөлкемлестирилген «Жаңа Өзбекстанды қурыўда нуранийлардың орны» атамасындағы илажда нуранийлар жасларға өзлериниң бай турмыслық тәжирийбелерин айтып берди. Концерт бағдарламасы қойылып, қәўендерлер тәрепинен дастурхан жайылды.
Буннан кейин мийманлар ҳәм нуранийлар Толқын аўыл пуқаралар жыйыны имараты жанындағы спорт майданшасын барып көрди. Бул жерде шөлкемлестирилип атырған «Мәҳәлле бағы»на терек нәллери егилди. Соң үш әўлад ушырасыўы болып өтти. Илаж соңында белсене қатнасқан үш нуранийға 300 мың сумнан ақшалай сыйлық тапсырылды.
Усы күни 50 нураний Бухара ҳәм Самарқанд ўәлаятларына саяхатқа жиберилди. Районда «Кекселер ушын туризм айлығы» шеңбериндеги бундай илажлар даўам етпекте.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы