Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында «Мектепке шекемги тәлимге инновациялық қатнас: машқалалар ҳәм шешимлер» атамасындағы республикалық илимий-теориялық конференция болып өтти.
Институттың Мектепке шекемги тәлим факультети тәрепинен шөлкемлестирилген илаждың ашылыў пленар мәжилисине Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министри Г.Бахиева, министрликтиң методист қәнигелери, профессор-оқытыўшылар, докторантлар, магистрантлар ҳәм студент-жаслар қатнасты.
Илажды институттың жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша биринши проректоры Қ.Қодиров басқарып барды.
Конференцияда атап өтилгениндей, мектепке шекемги билимлендириў келешек әўлад тәрбиясында тийкарғы буўынлардың бири болып есапланады. Сонлықтан да, елимизде соңғы жылларда әмелге асырылып атырған реформалар мектепке шекемги билимлендириўди түп-тийкарынан модернизациялаўға бағдарланбақта. Мәмлекетимизде усы тийкарда Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги шөлкемлестирилди. Тараўды буннан былай да раўажландырыў мақсетинде 100 ден аслам нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер, соның ишинде, 3 нызам қабыл етилди.
Статистикалық мағлыўматларға нәзер аўдаратуғын болсақ, 2017-жылы Қарақалпақстан Республикасында улыўма 318 мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми болып, усы жастағы балаларды қамтыў көлеми 27,6 процентти қураған еди. Ал, бүгинги күнде елимизде жумыс алып барып атырған балалар бақшаларының саны 1574 ке, мектепке шекемги билимлендириў жасындағы балаларды қамтыў көрсеткиши болса 76,7 процентке жетти. Бул, әлбетте, елимизде усы тараўда әмелге асырылып атырған реформалардың әмелий нәтийжелери болып табылады.
Мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерин қәниге тәрбияшы ҳәм педагоглар менен тәмийинлеў, кадрлар таярлаў сапасын арттырыў бойынша да көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Бир ғана институт мысалында алып қарайтуғын болсақ, Мектепке шекемги тәлим факультети өз алдына факультет сыпатында дүзилип, бүгинги күнде бул жерде тәжирийбели профессор-оқытыўшылар жасларға илимий-педагогикалық бағдарда тәлим-тәрбия берип келмекте.
Факультетте 900 дан аслам студентлер билим алып атырған болып, олардың оқыў процеси «4+2» системасы бойынша оқыў ҳәм әмелияттың өз ара үйлесимлилиги тийкарында шөлкемлестирилмекте.
Бүгинги күнде институтта Малайзияның Lincoln University College оқыў орны менен мектепке шекемги тәлим бағдары бойынша қоспа тәлим – Double Degree бағдарламасы өз жумысын алып барып атырған болып, бунда студентлер ҳәм Өзбекстан, ҳәм Малайзияның билимлендириў системасы тийкарында өз билим және көнликпелерин арттырады.
Сондай-ақ, институт жанында жаңадан 90 орынға мөлшерленген мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми қурылмақта. Алдағы ўақытлары институт жанынан усы тараў бойынша қәнигелигин жетилистириў орайын шөлкемлестириў арқалы класстер системасын пайда етиў жобаластырылмақта.
Институттың Мектепке шекемги тәлим кафедрасы Қарақалпақстанның барлық қала ҳәм районларындағы балалар бақшаларында өзиниң филиалларын шөлкемлестирип, ол жерлерде тәрбияшы-педагоглардың тәжирийбесин арттырыў, қәнигелигин жетилистириў бағдарындағы жумыслар алып барылмақта.
Конференцияда министр Г.Бахиева, Мектепке шекемги тәлим факультети деканы М.Алламбергенова, профессор Қ.Қощанов, Мектепке шекемги тәлим кафедрасының баслығы, доцент Г.Жумашевалар баянат жасады.
Илажда бүгинги күнде тараўда орын алып атырған айырым машқалалар да атап өтилди. Ҳәзирги ўақытта балалар бақшалары тәрбияшыларының қәнигелигин жетилистириў, жумыс процесинде пайдаланыўы ушын қарақалпақ тилиндеги оқыў ҳәм методикалық қолланбалар жетиспеўшилиги сезиледи. Соның менен бирге, бақшаларда кадрлар мәселелери менен байланыслы машқалалар да ушыраспақта. Усындай машқалаларды шешиў мақсетинде министрлик ҳәм институттың өз ара бирге ислесиў мәселеси ортаға тасланып, алдағы ўақытта биргеликте әмелге асырылатуғын жумыслар белгилеп алынды.
Конференция өз жумысын секцияларда даўам еттирди.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.
Автордың түсирген фотосүўретлери.