Нөкис қәнигелестирилген мәденият мектебинде Ә.Шамуратовтың туўылғанына 110 жыл, Айымхан Шамуратованың туўылғанына 105 жыл толыўы мүнәсибети менен еслеў кешеси өткерилди.
Онда шығып сөйлегенлер қарақалпақ әдебиятының көрнекли ўәкили, белгили шайыр, жазыўшы, драматург, дилмаш, жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик ғайраткер Ә.Шамуратов ҳәм Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти, «Буюк хизматлари учун» ордени ийеси, елимиз сүйген көркем өнер хызметкери, белгили қосықшы, актриса, жәмийетлик ғайраткер А.Шамуратовалардың жасларға өрнек болатуғын мийнет ҳәм турмыс жоллары ҳаққында кең түрде мағлыўмат берди.
– Айымхан апа қарақалпақ мәдениятында өшпес из қалдырған зәбердес көркем өнер ғайраткери болып, оның атқарыўындағы көплеген қосық ҳәм ариялар, театр сахнасында атқарған көркем ҳәм бийтәкирар рольлери халқымыздың жүрек төринен орын алған, -дейди Өзбекстан, Қарақалпақстан ҳәм Қазақстанға хызмет көрсеткен артист Р.Қутекеева. –Мен де оның ықласбенти сыпатында репертуарындағы қосықларын шын ықласым менен атқарып келмектемен.
– Мектебимизден қарақалпақ мәдениятының тулғалары Ә.Шамуратов ҳәм оның өмирлик жолдасы А.Шамуратовалардың избасарлары жетилисип шықпақта, -дейди қәнигелестирилген мәденият мектебиниң миллий музыка бөлими оқытыўшысы З.Ибрагимова.
Илаж даўамында Ә.Шамуратовтың «Әмиўдәрья», А.Шамуратова репертуарындағы «Қосық айтсам», «Муңлы қыз», сондай-ақ, «Сүймегенге сүйкенбе» музыкалы драмасынан «Гүл шырайлы», «Адыңнан», «Әўезим» қосықларын көркем өнер ғайраткерлери ҳәм көркем өнер мектебиниң оқыўшылары кәмине келтирип атқарып, кеше қатнасыўшыларына заўық бағышлады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги