Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министри Владимир Норов Америка Қурама Штатларының Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси етип тайынланған Жонатан Девид Хенникти қабыллады.

Ушырасыў министрге исеним жарлығының нусқасын тапсырыў мәресими менен басланды. Өз гезегинде, В.Норов елшини лаўазымға тайынланғаны менен қутлықлады ҳәм кәсиплик жумысында табыс тиледи.

Сөйлесиў даўамында бурын ерисилген келисимлерди әмелге асырыў процеси, сондай-ақ, еки тәреплеме дәрежеде ҳәм «С5+1» түринде болажақ илажлар кестеси көрип шығылды.

Саўда-инвестиция байланысын раўажландырыў, соның ишинде, Өзбекстан экономикасына Америка капиталы менен технологияларын тартыў, тоқымашылық, фармацевтика, энергетика, АКТ тараўларында биргеликтеги кәрханалар шөлкемлестириў, финанслық жақтан бирге ислесиўди беккемлеў имканиятының бар екенлиги атап өтилди. Сондай-ақ, тәреплер Аўғанстандағы жағдай бойынша да пикир алысты. Бул мәмлекетке халықаралық жәрдемди кеңейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

С.Раҳимов, ӨзА