Үлкен жигирмалық ағзаларының көпшилиги Россияның Украинада алып барып атрыған әскерий әмелиятын қараламақта, деп жазбақта Financial Times газетасы ушырасыў жуўмақлары бойынша таярланып атырған коммюнике жойбарына сүйенип.

Хабарға бола, бүгин Балиде басланған саммите G20 жетекшилери «ҳәзирги заманда дүньяда урыс болыўы мүмкин емес», деген қарарға келген.

Басылымның жазыўынша, «G20 ағзаларының көпшилиги Украинадағы әскерий ҳәрекетлерди кескин қаралаған ҳәм урыслар жүдә көп адамлардың басына мүсийбет келтиретуғынын және дүнья экономикасындағы турақсызлық факторларын шийеленистиретуғынын атап өткен».

G20 саммити 15-16-ноябрь күнлери Индонезияның Бали атаўында болып өтеди. Жоқары дәрежедеги илажға Россия тәрепинен мәмлекеттиң сыртқы ислер министри Сергей Лавров қатнаспақта.

G20 саммитине Россия делегациясы азық-аўқат өнимлери ҳәм энергоресурслар жеткерип бериўде анық басламаларды усыныўды режелестирген. Сондай-ақ, Россия Түркия менен газ бойынша бирге ислесиўди кеңейтиў, дән ҳәм төгин өнимлериниң ири партияларын жеткерип бериўди шөлкемлестириў бойынша басламаларын да билдирди, деп мәлим еткен еди буннан алдын Россия Федерациясы сыртқы ислер министрлиги, деп жазбақта РИА Новости.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги