Кеше жергиликли ўақыт пенен саат 16.20 әтирапында Стамбул орайында жарылыў жүз берди, оның ақыбетинде 6 адам қайтыс болды, 81 адам жарақатланды. Бул ҳаққында «Анадолу» агентлиги Түркия Президенти Режеп Таййип Эрдоғанға сүйенип хабар берди.
Мәмлекет басшысы жарылыўды теракт, деп болжанып атырғанын айтты.
Ғалаба хабар қуралларына ўақтынша жарылыў ҳаққындағы хабарларды тарқатпаў усыныс етилди.
Тергеў ҳәрекетлери нәтийжесинде 21 адам қолға алынған, олардың арасында ҳаял адам да бар.
Емлеўханаларға жатқарылған 81 адамнан 50 ине көрсетилген емлеўлерден соң олар үйлерине шығарылған.
Төрт адамның жағдайы аўыр, деп баҳаланбақта.
ӨзА