Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Нөкис «Темурбеклер мектеби» әскерий академиялық лицейинде «Жасыл мәкан–саламат келешектиң тийкары» атамасында әмелий семинар болып өтти.
Өзбекстан Экологиялық партиясы Нөкис қалалық Кеңеси тәрепинен шөлкемлестирилген илажда «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде енгизилген «Әҳмийетли 40 күнлик» акциясының мазмуны, әҳмийети ҳәм оны нәтийжели шөлкемлестириў мәселелери сөз болды.
Илажда партияның Нөкис қалалық Кеңесиниң баслығы А.Исмаилова, Нөкис «Темурбеклер мектеби» әскерий академиялық лицейи директорының орынбасары А.Өтегеновлар шығып сөйлеп, жаслардың экологиялық билимин жетилистириў, оқыў орнының әтирапын көклемзарластырыў ҳәм абаданластырыў бағдарында биргеликте алып барылып атырған жумысларға тоқтап өтти.
Нәл егиў, оны тәрбиялаў агротехникасы, өсип жетилискен тереклердиң қоршаған орталыққа, инсан саламатлығына унамлы тәсири жасларға слайд арқалы түсиндирилди. Семинарда алған билимлерди әмелиятта сынап көриў мақсетинде оқыў орнының әтирапына терек нәллери отырғызылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги