Халық депутатлары Қанлыкөл районлық Кеңесиндеги O’zLiDeP депутатлық топарының гезектеги мәжилисинде мийнет миграциясынан қайтып келген пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм реинтеграциялаў мәселелери көрип шығылды.
Бул бағдарда быйылғы жылдың өткен тоғыз айы даўамында әмелге асырылған жумыслар бойынша районлық Халықтың бәнтлигине көмеклесиў орайы директорының орынбасары Д.Ҳамидуллаевтың мәлимлемеси тыңланды.
Атап өтилгениндей, бүгинги күни районда 52 мыңнан аслам халық жасап киятырған болса, соннан мийнетке жарамлылары 26 мыңнан асламын қурайды. Бүгинги күни районлық Халықтың бәнтлигине көмеклесиў орайында халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша 243 бос жумыс орны бар.
Быйылғы жылдың өткен айлары даўамында район ҳәкимлиги, прокуратура, жаслар ислери агентлигиниң районлық бөлими менен биргеликте 12 мәрте бос жумыс орны ярмаркасы өткерилди. Бул илажларға 257 мәкеме өзлериндеги 461 бос жумыс орны менен қатнасқан. Соннан 298 пуқараға жумысқа орналасыўға жоллама берилген болса, 163 пуқараға мәсләҳәт ҳәм усыныс берилген.
Мәжилис даўамында халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша жумысларды еле де жетилистириў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.