Хабар етилгениндей, 10-11-ноябрь күнлери Самарқандта Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң биринши саммити өткериледи.

Оған Өзбекстан, Түркия, Әзербайжан, Қазақстан, Қырғызстан Президентлери, Венгрия Бас министри ҳәм Түркменстан Халық мәсләҳәтиниң баслығы қатнасады.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Самарқанд қаласында өткерилип атырған Түркий мәмлекетлер шөлкеми саммити шеңберинде биринши ушырасыўын Венгрия Бас министри Виктор Орбан менен өткермекте.

Ушырасыўда экономикалық тараўдағы  әмелий бирге ислесиў – қоспа инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў додаланбақта.

Бираз алдын Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң саммити шеңберинде Өзбекстан – Венгрия бизнес-форумы өткерилди.

Ҳәзир Түркий мәмлекетлер шөлкеми Сыртқы ислер министрлериниң мәжилиси даўам етпекте.

Бул халықаралық шөлкем ўақыяларын сырт мәмлекетлерде ҳәм елимизде кеңнен сәўлелендириў ушын 240 тан аслам сырт ел ҳәм  300 ден аслам жергиликли ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери келген.

Улыўма, Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң биринши саммити шеңбериндеги илажлар дүньяның оннан аслам тиллеринде сәўлелендирилип барылмақта.

З.ЖОНИБЕКОВ,

С.АСЛАНОВ (Фото) ӨзА