ФТХ биржасынан инвесторлар қәрежетлердиң ғалабалық түрде алып кетилиўи фонында биткоин баҳасы еки жыллық ең төмен дәрежеге түсти. Бул ҳаққында CoinDesk порталындағы мағлыўматларда келтирилди.

Ақырғы мәрте криптовалюта котировкалары 2022-жылдың ноябрь айы басында усындай дәрежеде болған еди.

CoinDesk порталындағы мағлыўматларға бола, 10-ноябрь басында биткоин баҳасы 15 582 долларға шекем түсип кеткен. Қәнигелер кейинги жылдың басында криптовалютаға талаптың тиклениўин болжамақта.

Бүгин ең ири криптовалютаның баҳасы 16 572 доллар болып турыпты.

Өткен ҳәпте даўамында ФТХ биржасының пайдаланыўшылары биржадан жәми 6 миллиард долларлық криптовалютаны алып шығып кетти.

2021-жылдың ноябрь айында криптовалютаның баҳасы 69 мың долларға шекем көтерилген еди.

 

Зерхан Орақбаева,

ҚМУдың Интернет журналистикасы тәлим бағдарының 4-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги