Төрткүл районында келеси 2023-жыл ушын аўыл хожалығы егинлерин егиўге мөлшерленген 10 мың 961 гектар жер майданында гүзги шүдигарлаў жумысларын алып барыў белгиленген.

-Усы илажлардың системалы ҳәм сапалы әмелге асырылыўын тәмийинлеў мақсетинде 18 отряд шөлкемлестирилди,-дейди Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы Төрткүл районлық бөлиминиң баслығы Акбар Козиев.-Усы отрядларға 64 трактор, 64 тырма, 28 дана жер тегислегиш, 26 дана шел алғыш, 65 дана корчевател, 8 косилка, 18 жанылғы тасыў агрегаты ҳәм 18 дана көшпели оңлаў устаханасы бириктирилди.

Буннан тысқары техникалардың оңланыўы, керекли аўысық бөлеклер ҳәм сервис хызметин көрсетиў, дизел жанылғысы, мийнет ҳақы ҳәм мәўсимде талап етилетуғын материаллық ресурслар менен басқа да қаржылар есаплап шығылды.

Гүзги шүдигар тек гүзде орынланады. Өз ўақтында, терең ҳәм сапалы өткерилген шүдигар келеси жылдың өнимине пухта тийкар жаратады. Шор жуўыў, қысқы суўғарыў, ерте бәҳәрде топырақты егиске таярлаў ҳәм егиў сыяқлы агротехникалық илажларды нәтийжели өткериўге ерисиледи.

Егилген туқымнан толық өним алынады. Нәллер бир тегис раўажланып, көп өним топлайды ҳәм ерте писип жетилиседи. Гүзги шүдигарды сапалы өткериў ушын жерлер де, трактор ҳәм плуглар да сүримге таярланыўы, агрокластер ҳәм фермер хожалықларында бул илажлар дурыс шөлкемлестирилиўи тийис.

Топырақтың өнимдарлығын сақлаў ҳәм арттырыўда гүзги шүдигарлаў айрықша әҳмийетке ийе. Ол топырақтағы органикалық қалдықларды өсимликтиң тамыры зонасында ширип, гумус ҳәм керекли азықлық элементлерине айланыўына имканият жаратады.

Соның ушын да гүзги шүдигарлаў жумысларының өз ўақтында, терең ҳәм сапалы өткерилиўи Өзагроинспекцияның Төрткүл районы бөлими тәрепинен системалы қадағалаўға алынған ҳалда әмелге асырылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги