Қарақалпақстан Республикасы прокуроры Эркабай Тажиевтиң басламасы менен Нөкис қаласындағы аўыр аймақлардан есапланған Жаңа базар мәкан пуқаралар жыйынында Бос жумыс орынлары ярмаркасы шөлкемлестирилди.

 

Илажды өткериўден тийкарғы мақсет, халықтың, соның ишинде жумыссыз ҳаял-қызлардың турақлы бәнтлигин тәмийинлеў, оларды исбилерменликке тартыў болып табылады.

Ярмарка даўамында 36 ҳаял-қыздың бәнтлиги тәмийинленип, олардан 28 ҳаял-қыз тигиўшилик сырларын қәнигелескен тәризде үйрениўи ушын «Исбилерменлик орайы» оқыў курсына қабыл етилди.

 

Соның менен бирге, аймақтағы биринши ҳәм екинши класслардың оқыўшыларына шет тиллерин (рус ҳәм инглиз) үйретиў бойынша оқыў курсы шөлкемлестирилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.