Төрткүл районы Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси тәрепинен «Фермерге қол-қанат» ҳуқықый акциясы шеңберинде «Фермерге ҳуқықый жәрдем» сүрени астында семинар шөлкемлестирилди.

Илажда кеңестиң қәнигелери, юристлер ҳәм агрономлар Тазабағжап аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы фермер хожалықларының баслықларына ҳуқықларын түсиндирип, олардың машқалаларын тыңлады ҳәм қызықтырған сораўларына жуўап берди.

Семинарда жыйналғанларға фермер хожалықларын жүргизиў бойынша ҳуқықый мәсләҳәтлер бердик, -дейди юрист И.Ражапбаева. – Атап айтқанда, еки тәреплеме шәртнама дүзиўдиң қағыйдалары ҳәм миннетлемелери, Президентимиздиң «Қыйтақ жерден пайдаланыўдың нәтийжелилигин арттырыў, сондай-ақ, халықтың исбилерменлик басламаларын қаржылай қоллап-қуўатлаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына бола, суў тәмийнаты аўыр болған аймақларда артезиан қудықларын қаздырыў ҳәм субсидия алыў тәртиби, музлатқышларға ҳәм қоймаханаларға ажыратылатуғын жеңилликли кредитлер менен субсидиялар ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.