Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясы Нөкис филиалында «Жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық» атамасында илаж болып өтти.

Оған Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Дин ислери комитетиниң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы қәнигеси Б.Айымбетова, Нөкис қаласы «Муҳаммад Бахий ийшан» жомъе мешити имам хатиби Ш.Худайбергенов, филиалдың  профессор-оқытыўшылары менен студент-жаслары қатнасты.

Жоқары оқыў орынлары студент-жасларының идеялары, усыныс ҳәм басламалары менен жақыннан танысыў, олардың машқалаларын шешиў, руўхый-ағартыўшылық илажларды және де күшейтиў, жасларды жат иллетлерден, глобал тармақтағы кибер ҳүжимлерден, терроризм, диний экстремизм сыяқлы күшлерден қорғаў мақсетинде шөлкемлестирилген илажда қәнигелердиң  жаслар турмысынан келтирген мысаллары жыйналғанларда үлкен тәсир қалдырды.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Дин ислери комитети тәрепинен таярланған елимиздеги тынышлықтың қәдирине жетиўге ийтермелейтуғын видеоролик студент-жаслардың итибарына қойып берилди.

   Қарақалпақстан хабар агентлиги.