2022-жылдың 8-ноябрь күни Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министри Владимир Норов Қазақстан Республикасының Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси етип тайынланған Бейбит Атамқуловты қабыл етти.
Ушырасыў елшиниң министрге исеним жарлықларының нусқаларын тапсырыў мәресими менен басланды. Министр елшини лаўазымға кирисиўи менен қутлықлап, кәсиплик жумысында табыслар тиледи.
Сөйлесиў барысында Өзбекстан – Қазақстан жақын қоңсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да беккемлеў мәселелери додаланды. Жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди әмелге асырыў процеси көрип шығылды. Режелестирилген сапарлар ҳәм қоспа илажларға таярлық көриў, сондай-ақ, Қазақстан делегациясының Түркий мәмлекетлер шөлкеми саммити, Самарқандта болып өтетуғын Орайлық Азия ҳәм Европа Аўқамы сыртқы ислер министрлерниң ушырасыўы және «Европа Аўқамы – Орайлық Азия» өз-ара байланыслылық конференциясына қатнасыўы бойынша пикир алысылды.
Өз-ара товар алмасыўдың жедел өсип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Тәреплер өз-ара товар алмасыўдың көлемин буннан былай да арттырыў, санаат, энергетика, транспорт-логистика, аўыл хожалығы ҳәм басқа да тараўларда инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бойынша биргеликте илажлар көриўге таяр екени мәлим етилди.
Еки мәмлекет аймақлары арасындағы байланысларды хошаметлеў ҳәм беккемлеў зәрүрлиги атап өтилди. Халықаралық шөлкемлер шеңбериндеги бирге ислесиўди даўам еттириўге келисип алынды. Өзбекстан ҳәм Қазақстанның мәдений-гуманитарлық байланысларын жеделлестириўге умтылатуғыны айрықша атап өтилди.
Сол көзқарастан, усы жылдың ноябрь айында өткерилетуғын «Қазақстанда Өзбекстан мәденияты күнлери»не таярлық көриў мәселелери додаланды.
Саидмурод Раҳимов,
ӨзАның хабаршысы