Халық аралық шахмат федерацияси 2022-жылғы рапид ҳәм блиц бойынша жәҳән бириншилиги өткерилиўин рәсмий жәриялады. Ең жақсы шахматшылар арасындағы турнир 25-декабрьден 30-декабрьге шекем Казақстанның Алма-ата қаласында өткериледи.
Өткен жылы жәҳән чемпионаты Қазақстанда өткерилиўи керек еди, бирақ коронавирус пандемиясы себепли Варшава (Полша) ға көшириледи.
Бул чемпионат шахматшыларымыздың күшин көрсетип берген: өзбек гроссмейстери Нодирбек Абдусатторов 2021-жылдың 29-декабрь күни рапид бойынша жәҳән чемпионлығын қолға киргизген еди. Блицде болса француз Максим Вашье-Лаграв жеңиске ерискен .
Ҳаяллар арасында рапидте россиялы Александра Костенюк, блицте Қазақстанлы Бибисара Асаубаева жәҳән чемпионлары болған.
Хамре Қдырбаева,
ҚМУдың Интернет журналистикасы тәлим бағдарының 4-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги